Акцияға райондағы 18 жастан 60 жасқа шекемги пуқаралар ықтыярлы түрде қатнасты. Жаслар, студентлер, мәмлекетлик хызметкерлер, кеўиллилер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери өз қанларын жәрдемге мүтәж инсанларға бағышлап, ҳақыйқый адамгершилик үлгисин көрсетти.
Атап өтилгениндей, “Мен донорман” акциясы ҳақыйқый инсаныйлық ҳәм меҳир-муҳаббаттың тымсалы, жәмийеттеги өз-ара жәрдем ҳәм аўызбиршилик руўхын беккемлеўге үлес қосады.
– Мен райондағы Хорезм көшесинде тураман. Районда қан тапсырыў бойынша өткерилетуғын қайырқомлық илажларына өз ерким менен ҳәр жылы қатнасып тураман. Өзим айрықша жағдайлар бөлиминде хызмет ететуғын болғанлықтан адам өмиринде жүз бериўи мүмкин болған айырым айрықша жағдайларды жақсы түсинемен. Мениң берген қаным жәрдемге мүтәж қандай да бир инсанға пайдасы тийсе өзимди бахытлы сеземен,-дейди акция қатнасыўшыларының бири.
Әлбетте, бул акция адамлардың өмирин сақлап қалыў, бир-бирине жәрдем бериў ҳәм адамгершилик сезимин көрсетиўге қаратылғаны менен әҳмийетли.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.









