"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, 17-июльде республиканың арқасында, қубласында ҳәм шөл аймақларында, 18-20-июль күнлери болса аймақтың үлкен бөлиминде ҳаўа температурасы 40-43 дәрежеге шекем, қубла ҳәм шөл аймақларында болса айырым жерлерде 44-45 дәрежеге шекем көтерилиўи мүмкин.
Республика бойынша самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы күтилмекте.









