Республика бойынша ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, 24-25-февраль күнлери арқада ҳәм шөл аймақларында, 26-февральда республиканың қалған аймақларында жаўын қарға айланады. Айырым жерлерде жаўын-шашын күшли болады.

Айрым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем, гейде 23-25 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

Бүгин күндиз аймақтың үлкен бөлиминде ҳаўа температурасы 10-15 градус жыллы әтирапында болады, 25-27-февраль күнлери 0-5 градус жыллыға шекем әсте-ақырын төменлейди. 26-27-февраль күнлерине келип, түнде температура 0-5 градус суўыққа шекем төменлейди.

Жумыс ҳәптеси даўамында республика арқасында температура тийкарынан түнде 4-9 градус суўық, күндиз күнлери 3 градус суўық-2 градус жыллы болады.

Республика бойынша айырым жерлерге думан түседи.

Ташкентте: бүгин күнниң екинши ярымында бираз жаўын жаўыўы мүмкин. 25-28-февраль күнлери ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын жаўады, қарға айланады) болады.

Ҳаўа температурасы бүгин күндиз 13-15 градус жыллы, ертең 11-13 градус жыллы, 26-28-февральда 2-5 градус жыллыға шекем төменлейди. 27-28-февральға келип, температура түнде 0-3 градус суўыққа шекем әсте-ақырын төменлейди.