22 Apr 2025
10:03

    Ҳаял-қызларға қолайлы орталық жаратылмақта

    Нөкис қаласында жайласқан «Аққуў» комплексинде «Арзыўдан табысқа шекем…» сүрени астында республикамыз ҳаял-қызлар форумының салтанатлы ашылыў мәресими өткерилди.

    Мәресимде Өзбекстан Республикаси Бас министриниң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Маҳкамова, Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары– шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын қутлықлады. Илажда атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланды. Бул бойынша олар ушын жаңа имканиятлар жаратылып, барлық сала ҳәм тармақларда, жәмийетимизде ҳаял-қызлардың орны артып бармақта.

    Өткерилген форум да бул бағдардағы жумыслардың даўамы болып, исбилермен ҳаял-қызлар арасында өз-ара қарым-қатнас орталығын жаратыў ҳәм тәжирийбе алмасыў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм оларды исбилерменликке кеңнен тартыў, дәраматларды арттырыўға жәрдем бериў ҳәм финанслық билимин арттырыўға хызмет етиўи менен әҳмийетли болып табылады.

    Әлбетте, өткерилген форум ҳаял-қызлар арасында исбилерменликти кеңнен ен жайдырыў ҳәм олардың дәраматын арттырыўға қолайлы орталық жарататуғынына исенимимиз кәмил.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech