Айдаўшылық гүўалығы ушын керек болатуғын медициналық мағлыўматнама қалай алынады?

    Ҳәзирги ўақытта медицина мәкемелери тәрепинен пуқараның транспорт қуралын басқарыўға жарамлылығы ҳаққында берилетуғын 083/ҳ түриндеги медициналық мағлыўматнаманы алыў процеси әпиўайыластырылды.

    Яғный, енди my.gov.uz - бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы усы түрдеги медициналық мағлыўматнаманы онлайн алыў мүмкин...

    Бирақ, ўатанласларымыз дурыс түсиниўи керек, оған шекем пуқара медициналық тексериўден өткен болыўы зәрүр.

    Егер бастан айтатуғын болсақ, пуқара дәслеп автомектепке барады. Ол жерде бир неше ҳүжжетлер соралады, олардан бири пуқараның транспорт қуралын басқарыўға жарамлылығы ҳаққындағы медициналық мағлыўматнама болып есапланады. Оны алыў ушын медицина мәкемелеринде шөлкемлестирилген айдаўшылар медициналық тексериў комиссиясына ушырасады. Тийкарғы жумыслар усы жердиң өзинде орынланады.

    - Бул комиссиялар халқымызға қолайлық жаратыў мақсетинде шөлкемлестирилген, - дейди Ташкент қалалық 3-санлы клиникалық емлеўханасының бас шыпакери Гулрух Умарова. - Соның ишинде, бизиң мәкемемиз жанында да тап сондай структура бар, бул жерде көп ҳүжжет талап етилмейди, паспорт ҳәм сүўрет болса болды. Мәмлекетлик бажы да бар. Соннан кейин пуқараны керекли шыпакерлерге жиберемиз.

    Әҳмийетлиси, ол, бир ўақытлары болғанындай, бул емлеўханадан анаўына барып, сергиздан болмайды. Керекли барлық қәнигелер усы жердиң өзинде жәмленген болып, қысқа ўақыт ишинде олардың тексериўинен өтип үлгереди.

    Нәтийжелер ертеңине-ақ мәлим болады ҳәм ол дәрҳал my.gov.uz - бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына жайластырылады. Пуқара мағлыўматты қағазға шығарыўды қәлесе, хызметкерлеримиз оны демде әмелге асырады.

    Егер медициналық тексериў процесинде пуқарада қандай да бир кеселлик анықланса, оны тийисли тәртипте емлениў ушын жиберемиз. Ўақыт келип, бул тосқынлық сапластырылғаннан соң, ол айдаўшылық гүўалығын алыў ҳәрекетлерин даўам еттирди.

    Кимдур 55 жастан асқан болса, әлбетте, оған қосымша медициналық тексериўлер талап етиледи. Мәселен, бул жастағылар жүрек кардиограмма тексериўинен өтеди. Бул, бәринен бурын, олардың өзлери ушын пайдалы.

    Қосымша сыпатында айтамыз, айырым кеселликлери болған пуқараларға мағлыўматнама 6 айға берилиўи мүмкин. Не ушын 6 ай? Гәп сонда, ол усы ўақыт ишинде денсаўлығын тиклеп алса, мағлыўматнама мүддети создырып бериледи.

    Кейин ала ҳәр қыйлы себеплер менен тексериўден өткен адамның медициналық тексериў нәтийжелери, жоқарыда айтып өтилгениндей, порталда бир заматта сәўлеленеди. Зәрүрлик болса, мағлыўматты онлайн алыў мүмкин.

    Улыўма, айдаўшылық ушын талап етилетуғын мағлыўматнаманы алыў процесслери әпиўайыластырылған, ўақты болса қысқарған. Яғный бүгин әне усы жумысқа кирискен адам денсаўлығында машқаласы болмаса, яғный 083/ҳ формасындағы медициналық мағлыўматнаманы алыў ушын медициналық қарсылықлар болмаса, ертеңине мағлыўматнаманы қолына алады.