“Henan Investment Group” компаниясы менен жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды

    Сиясат 2 қыркүйек 2025 5234

    Қытайға рәсмий сапарының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “Henan Investment Group” компаниясының бас директоры Чжу Хунбин менен ушырасыў өткерди.

    Қытайдың энергетика ҳәм инфраструктураны раўажландырыў тараўындағы жетекши компанияларынан бири болған “Henan Investment” қурылыс, санаат, энергетика, экология ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында жойбарларды әмелге асырмақта. Компания активлери 50 миллиард доллардан аслам.

    Өзбекстанда көмир кәнлерин өзлестириўде алдынғы технологиялық шешимлерди енгизиў, заманагөй электр станциялары, энергияны сақлаў системаларын жойбарластырыў ҳәм қурыў, биоөнимлер ислеп шығарыў, шығындыларды қайта ислеў, таза энергия ислеп шығарыў бойынша кооперация жойбарларының әмелий тәреплери додаланды.

    Мәмлекетимиз басшысы Қытай компаниясының қатнасыўындағы жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў ушын өз алдына "жол картасы"н қабыл етиў бойынша тапсырма берди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates