Көпшиликтиң хабары бар, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2024-жыл 28-декабрь күнги Президиум қарары менен суд системасында жаңа тайынлаўлар әмелге асырылған еди.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы Руслан Жумабаев судьялық ўәкиллиги мүддети дәўирине Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судының баслығы лаўазымына, Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судының судьясы Гүлмира Байназарова судьялық ўәкиллиги мүддети дәўирине Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы лаўазымына тайынланды.
Сондай-ақ, “Судлар ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 69-статьясы ҳәм “Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 41-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары менен Сара Караматдинова судьялық лаўазымында болыўдың биринши бес жыллық мүддетке Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судының судьясы лаўазымына тайынланды.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы А.Атажанов қатнасып, судьяларды жаңа лаўазымлары менен қутлықлап, алдағы жумысларында табыслар тиледи.
Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының Президиум мәжилиси өткерилип, онда судьялық лаўазымында болыўдың биринши бес жыллық мүддетине тайынланған Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы Сара Караматдинованың анты тыңланды.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов шығып сөйлеп, судьялар корпусына жаңадан қосылып атырған ўәкилге исеним билдирип, оған әдил судлаўды әмелге асырыўдай машаққатлы соның менен бирге, мақтанышлы исте табыслар тиледи.
Илажда қатнасқан судьялар оған ең жақсы тилеклерин билдирди. Өз гезегинде, судьялар корпусына жаңадан қосылған ўәкил С.Караматдинова да шығып сөйлеп, билдирилип атырған исенимди ақлаўға тек ғана нызам тийкарында әдил қарар шығарыўға, бул ушын билим ҳәм тәжирийбесин аямай жумсаўға ўәде етти. Ант қабыллаған судьяға Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм “Судлар ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамының китабы тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.