Атап айтатуғын болсақ, қарар тийкарында, Тахтакөпир районында жасаўшы кем тәмийинленген шаңарақлар бир қатар қәўендер шөлкемлерге бириктирилип, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Усындай қәўендерлик илажлары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Ш.Мухаматов Дәўқара аўыл пуқаралар жыйынында болып, усы аймақта жасаўшы 5 шаңарақтың ҳал-жағдайынан хабар алды ҳәм жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.

Илажда бул шаңарақлардың машкалалары тыңланып, ҳәр бир шаңараққа байрам саўғалары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.