баннер
21 Mar 2025
17:43

    Әҳмийетли бир айлық илажы басланды

    Нөкис қаласындағы Жаслар орайы имараты алдында Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың басшылығында Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы тапсырмасына бола «Наўрыз» улыўма халықлық байрамы ҳәм мүбәрек «Рамазан» айын көтериңки кейпиятта өткериў мақсетинде 11-март сәнесинен «Әҳмийетли бир айлық» енгизилди.

    Буны өткериўден тийкарғы мақсет, мәҳәллелерди биргеликте абат етиў ҳәм көклемзарластырыў, халықтың қыйтақ жерлерине палыз, мийўе, картошка, собықлы ҳәм басқа да дәраматлы егинлерди егиў болып есапланады. Буннан тысқары, «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде ҳәр түрли терек нәллерин егиў, ғалабалық шембилик ҳәм мәдений илажлар өткерилиўи режелестирилген.

    Буннан кейин, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияровтың басшылығында республика ҳәм қалалық шөлкемлерден мәҳәллелерге бириктирилген ўәкиллерге берилген тапсырмалардың орынланыўы тийис болған жумыслар бойынша көрсетпелер берилди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech