Мәжилистиң тийкарғы темасы – гүзги-қысқы мәўсимди қәўипсиз ҳәм зыянсыз өткериў, студентлер ҳәм халықтың саламатлығын қорғаў илажларын белгилеп алыўдан ибарат болды.
Усы мақсетте зәҳәрли газлерден абайлы болыў илажларын көриў, ҳәр қыйлы кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў, қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиў, жатақханалар ҳәм ижара турақ жайларда ысытыў системаларынан дурыс пайдаланыў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, студент-жасларда сергеклик мәдениятын қәлиплестириў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшылары ҳәм профессор-оқытыўшыларын жуўапкершилиги және бир мәрте еслетип өтилди.
Ф.Эрманов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде билимлендириў мәкемелерин гүзги-қысқы мәўсимлерге пуқта таярлық көриўге, қәўипсизликке байланыслы үгит-нәсият жумысларын күшейтиўге ҳәм студентлердиң бийпәрўалық пенен байланыслы ис-ҳәрекетлерине жол қоймаўға шақырды. Сондай-ақ, мәжилис даўамында газ ийисинен зәҳәрлениў жағдайлары ҳаққында таярланған арнаўлы видеороликлер қатнасыўшылар итибарына усынылды.
Өткерилген бул илаж студент-жаслардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаў, билимлендириў мәкемелеринде қәўипсиз орталықты тәмийинлеў ҳәм келеси мәўсимди турақлы өткериў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.









