Бүгинги жедел глобал экономикалық трансформациялар ҳәм социаллық талаплар дәўири мәмлекетлик басқарыў системасынан жоқары бейимлесиўшеңлик ҳәм сапа жағынан жаңа форматта ислеўди талап етпекте. Президентимиздиң 2025-жыл 6-декабрьдеги "Мәмлекетлик хызметте басқарыў нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы бул бағдардағы реформаларды стратегиялық жақтан жаңа басқышқа алып шықты. Яғный ҳүжжет тийкарында "ҳәрекетлер орайы"нан "нәтийжелилик орайы"на трансформация дәўири басланды. Бул жаңа тәжирийбе.

Бул ҳүжжет мәмлекетлик басқарыў философиясын "ўазыйпа - функция - ресурс - жуўапкершилик" шынжыры тийкарында түп-тийкарынан жаңалаўға қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады. Енди басқарыў нәтийжелилиги есабатлар ямаса орынланған тапсырмалар саны менен емес, ал ҳәр бир қарардың жәмийетлик турмыстағы анық унамлы тәсири ҳәм пуқаралардың разылығы менен баҳаланады.

Пәрманда белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, мәмлекетлик уйымларда инсан ресурсларын басқарыў ҳәм раўажландырыў мақсетинде Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги ҳәм БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) ниң басламасы менен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң кадрлар менен ислесиў бөлимлери басшыларының қатнасыўында оқыў-әмелий семинар ҳәм дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирилмекте.

Малика МАҲМУДОВА, ФАОның гендер мәселелери бойынша миллий консультанты:

- Бүгин мийнет базарындағы гендер айырмашылығы ҳаял-қызлардың дәрамат алыў имканиятын шеклемекте. Оған баҳалаўдағы стереотиплер, мийнет ҳақыдағы теңсизлик ҳәм, ең әҳмиетлиси, "аналық ушын жаза" сыяқлы түсиниклер тосқынлық етпекте.

Мениң пикиримше, ҳәр қандай мәмлекет экономикалық потенциалын толық көрсетиўи ушын үш тийкарғы реформаны әмелге асырыў зәрүр. Бириншиден, гендер әдиллик принципин тәмийинлеў ушын кадрлар менен ислесиўдиң барлық басқышларын нейтралластырыў, екиншиден, мийнет ҳақыларды ашық-айдын етиў ҳәм басшылардың теңликтеги жеке жуўапкершилигин күшейтиў, үшиншиден, "аналық ушын жаза"ны сапластырыўшы механизмлерди енгизиў әҳмийетли. Усы мәнисте пәрманда басқарыў нәтийжелилигин арттырыўда тек ғана ишки тәртип-қағыйдалар менен шекленбей, заманагөй базар принциплери ҳәм жеке меншик сектордың алдынғы тәжирийбесин қолланыў әмелияты нәзерде тутылғаны дыққатқа ылайық.

Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасы арасында қол қойылған бирге ислесиў меморандумы болса мәмлекетлик ҳәм бизнес шериклигиниң жаңа моделин баслап берди. Бул модель мәмлекетлик уйымларға "Топ-100" компаниялар тәжирийбеси тийкарында ең заманагөй HR технологияларын алып кириў ҳәм бюрократиялық тосқынлықларды санлы шешимлер арқалы сапластырыўға хызмет етиўи менен әҳмийетли.

Шаҳло ИБРАГИМОВА, Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары:

- Бул ҳәрекетлер "ўазыйпа - функция - ресурс - жуўапкершилик" шынжырының әҳмийетли буўыны болған инсан капиталын раўажландырыўға хызмет етеди. Биз бизнестиң жеделлиги ҳәм мәмлекетлик басқарыўдың стратегиялық қатнасын бирлестирип, заманагөй басқарыў мәдениятын қәлиплестирмекшибиз. Усы мақсетте Ташкент қаласындағы “Texnopark” жумысы, “Artel” компаниясының HR технологияларын енгизиў тәжирийбеси ҳәм “AKFA Group” компаниялар топарының басқарыў системасы менен жақыннан таныстық.

Сондай-ақ, hrm.gov.uz платформасы қурамында енгизилип атырған жаңа модуль - кадрларды таңлаўда инновациялық шешимлер таныстырылды. Ол мәмлекетлик хызметте HR процесслерин санластырыў, ашық-айдын рекрутинг, компетенцияға тийкарланған таңлаў ҳәм басқарыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған.

Қудрат МУРОДОВ, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги Инсан ресурсларын басқарыў бөлиминиң жуўапкер хызметкери:

- Бул ретки оқыў-әмелий семинар дәстүрий форматтан өзгешелиги ҳәм әмелий сапарларға бай екенлиги менен ажыралып турды. Аудиториядан шығып, биринши мәрте жеке меншик сектордың алдынғы тәжирийбеси менен тиккелей таныстық. Атап айтқанда, "Технопарк" комплексинде хызметкерлерди таңлаў, жумысқа қабыл етиў ҳәм раўажландырыў процесслери тутас HR цикли тийкарында шөлкемлестирилген болып, ең нәтийжели қатнаслар қолланылмақта.

Хызметкерлерди таңлаў басқышында компетенцияға тийкарланған баҳалаў усыллары енгизилген. Талабанлардың потенциалы тест сынақлары, профессионал сәўбетлесиўлер ҳәм әмелий тапсырмалар арқалы әдил баҳаланады. Итибарлы тәрепи, жумысқа қабыллаў процесслери толық санластырылған болып, ҳүжжетлер онлайн форматта қабыл етилиўи бюрократияны кескин азайтқан.

Тиккелей өндирис гигантлары ҳәм инновациялық хаблар орталығында тәжирийбе алмасыў имканияты бул бағдарламаның заманагөй оқыў стандартларына толық сәйкес екенинен дәрек береди. Биз тек теориялық билим алып қоймастан, бәлким жоқары технологиялы бизнес орталығында HR стратегиялары қалайынша экономикалық нәтийжелиликке айланыўын өз көзимиз бенен бақладық.

Жалол ТОХТАЕВ, Суў хожалығы объектлерин эксплуатациялаў агентлиги Инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлиминиң баслығы:

- Кадрлар менен ислесиў процесиниң толық автоматластырылғаны тек ғана бюрократиялық тосқынлықларды азайтады емес, ал ашық-айдынлық ҳәм есап бериўди де тәмийинлейди. Инсан капиталын басқарыў системасына бундай инновациялық ҳәм мағлыўматларға тийкарланған қатнасларды енгизиў суў хожалығында басқарыў нәтийжелилигин жаңа сапа басқышына алып шығыўға жәрдем береди.

Бул ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер мәмлекетлик басқарыўды сапа жағынан жаңалаў жолындағы әҳмийетли концептуаллық қәдем болды. Дөгерек сәўбетлери тек ғана тараў қәнигелериниң компетенцияларын арттырыўға емес, соның менен бирге мәмлекетлик хызметте проактив басқарыў модельлери ҳәм нәтийжелиликке тийкарланған жаңа корпоратив мәдениятты қәлиплестириўге хызмет етти. Белгиленген тийкарғы ўазыйпалар болса, әлбетте, тараўда өзин ақламай атырған усыллардан ўаз кешип, ең заманагөй HR технологияларға өтиў ушын беккем тийкар жаратты.

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы

Аслиддин АБДУРАЗЗОҚОВ таярлады.