баннер
24 Apr 2025
17:28

    Аймақлық санаат ярмаркасы өз-ара саўда ҳәм бирге ислесиў майданына айланды

    Президент Шавкат Мирзиёев Әндижан ўәлаятының аймақлық санаат ярмаркасын барып көрди.

    Бул жерде 110 кәрхананың 500 ге шамалас өними көргизбеге қойылған. Соның ишинде, автомобиль қурылысы, машина қурылысы, тоқымашылық, электр техникасы, санлы технологиялар, қурылыс материаллары, азық-аўқат, гүл өсириў, пал ҳәррешилик, балықшылық ҳәм басқа да тармақлардағы нәтийжели жойбарлар усыныс етилген.

    Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятта ислеп шығарылып атырған кең түрдеги өнимлер ҳәм алдынғы қолланбалар менен танысты, олардың интакерлери менен сәўбетлести. Жақсы тәжирийбелерди қоллап-қуўатлап, елимиз көлеминде ғалаба ен жайдырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

    Усы мақсетте ярмаркаға Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкенттен жуўапкерлер ҳәм исбилерменлер мирәт етилген. Олар өнимлерди биргеликте ислеп шығарыў, кооперация ҳәм саўда мәселелери бойынша пикир алыспақта.

    Бүгинги күнде Әндижан ўәлаятында 11 мыңнан аслам санаат кәрханасы бар. Олардың республика санаатындағы үлеси 10 проценттен жоқары.

    Атап айтқанда, аймақта 47 санаат зонасы шөлкемлестирилген. Оларда 2,3 триллион сумлық 1 000 жойбар әмелге асырылған болып, 18 мың адам жумыс пенен тәмийинленген. Бул зоналарда 2024-жылы 1 триллион сумлық өним ислеп шығарылып, дерлик 31 миллион долларлық экспорт етилген.

    Бүгинги күнде баҳасы 1 миллиард долларлық 288 инвестициялық жойбар әмелге асырылыў процесинде.

    Соның ишинде, быйыл 119 жойбар иске қосылып, 4 мыңнан аслам жумыс орны жаратылады. Санаат өнимлериниң экспорты 47 миллион долларға жеткериледи.

    Өткен жылғы сапардан соң, Алтынкөл районынан 16 гектар жер ажыратылып, мебеллерди кластер усылында ислеп шығарыў комплекси шөлкемлестирилген еди. Бул жерде 100 ден аслам устахана, 236 шоурум ҳәм саўда орынлары жайласқан.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech