Жойбарда келтирилгениндей, аймақларда 16 автовокзал ҳәм автостанциялар қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары режелестирилмекте.
Сондай-ақ, аймақларда жәмийетлик транспорттың 50 жаңа жөнелислер тармағы шөлкемлестириледи.
Аймақларда жәмийетлик транспортта электрон төлемлердиң тартымлылығын арттырыў ҳәм электрон төлемлердиң үлесин орташа 30 процентке жеткериў нәзерде тутылмақта (ҳәзир 15 процент).
Аймақларда жәмийетлик транспорт ушын жаңа заманагөй жәми 700 автобус сатып алынады.
Аймақларда 743 аралық бәндиргини қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары шөлкемлестириледи.
Автобуслар ҳәрекетине үстинлик бериў мақсетинде аймақларда жәмийетлик транспорт ушын өз алдына автобус жоллары 150 км ге жеткериледи.