Аймақларда микро санаат орайлары ашылады

    Микросанаат орайларында өнерментшилик, тигиўшилик, аяқ кийим, кондитерлик ҳәм басқа да исбилерменлик жумысы түрлери менен шуғылланатуғын киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлери орналастырылады.

    Президенттиң усы жыл 17-январьдағы ПҚ-12-санлы қарары менен 2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында микро санаат орайларын қурыў жойбарларының мәнзилли дизими тастыйықланған еди.

    Министрлер Кабинетиниң усы жыл 8-майдағы "Аймақларда микро санаат орайларының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы 308-санлы қарары менен микро санаат орайлары ушын жер участкаларын ажыратыў ҳәм оларда исбилерменлик субъектлерин жайластырыў тәртиби ислеп шығылған.

    Микросанаат орайлары аймақлардың қәнигелесиўи ҳәм исбилерменлик дәстүрлери (аймақлардың драйвери), жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў, сондай-ақ, сырт мәмлекетлердиң (Қытай, Қубла Корея, Түркия) тәжирийбесин есапқа алған ҳалда ислеп шығылатуғын айрықша концепция тийкарында қурылатуғыны белгиленди.

    Микросанаат орайларына өндирислерди жайластырыўда тәбийғый газге альтернатив болған жанылғы түрлеринен ҳәм энергия үнемлеўши технологиялардан (гелиоколлектор, ыссылық насосы, қуяш панельлери, ыссылықты қайта тиклеў-рекуперциялаў ҳәм басқалар) пайдаланыўға үстинлик бериледи.

    Микросанаат орайларын қурыў ушын жер участкалары интакер жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерге электрон онлайн-аукцион саўдалары арқалы сатылады.

    Ҳүжжет пенен Аймақларда микро санаат орайларын қурыў ҳәм оларға киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлерин жайластырыў бойынша жумысшы топарлардың үлги қурамы тастыйықланды.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates