Пәрманға бола, жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин ҳәм есап бериўин арттырыў және олардың интакерлиги, реформалар ҳәм өзгерислерге "ийелик етиў" ролин күшейтиўге қаратылған система енгизиледи.
2025-жылы республика ҳәм аймақлар кесиминде экономикалық өсиў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежесин азайтыў бойынша мақсетли көрсеткишлер тастыйықланды.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына төмендеги финанслық имканиятлар ҳәм ўәкилликлер бериледи:
2025-жыл 1-январьдан айланыстан алынатуғын салық, юридикалық шахслардың мүлкке салынатуғын салық, юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығы, мәмлекетлик активлерди ижараға бериўден түсимлерди толық көлемде ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы түсимлериниң кеминде 50 процентин район (қала) лардың бюджетлерине өткериў;
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына тийисли болған акцияларды (үлеслерди) сатыўдан түскен қаржылардың 90 проценти Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджетине, ўәлаятлардың ўәлаят бюджетине ҳәм Ташкент қаласының қалалық бюджетине және объект жайласқан район (қала) бюджетине тең үлеслерде бөлистириледи.
Пәрманға бола, 2025-жылдан төмендегилерге рухсат бериледи:
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық кеңеслерине:
районлар (қалалар) ның экономикалық раўажланыў дәрежесинен келип шығып, ЖТИлер ушын физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының ең кем ҳәм ең жоқары белгиленген қатаң ставкалары шеңберинде районлар (қалалар) кесиминде ЖТИлерге қатаң салық ставкаларының муғдарын белгилеў;
салық салыў мақсетинде қолланылатуғын көшпес мүлк ижара баҳасының 1 метр квадрат ушын белгиленген минимал муғдарларына районлар (қалалар) кесиминде 2 есеге шекем арттырыўшы коеффициент, атап айтқанда, Ташкент қаласында бул арттырыўшы коэффициентти жер салығы сыяқлы зоналар кесиминде қолланыў;
халық депутатлары районлық (қалалық) кеңеслерине:
суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық ставкаларына 0,7 есесинен 1,5 есесине шекем азайтыўшы ямаса арттырыўшы коэффициент қолланыў;
рудалық емес қурылыс материаллары бойынша жер астынан пайдаланғаны ушын салығының қатаң белгиленген ставкаларына 1,3 есеге шекем арттыратуғын коэффициент белгилеў ўәкилликлерин бериў.
Пәрманға муўапық, ҳәкимликлерге төмендеги ўәкилликлер бериледи:
2025-жыл 1-марттан баслап аймағы 10 мың метр квадраттан, баҳаланған баҳасы 5 мың БЕМнан артпаған ҳәм 6 ай даўамында сатылмаған жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына тийисли көшпес мүлк объектлерин 2 жыл ишинде жаңа жойбарды иске қосыў ҳәм жумыс орынларын жаратыў шәрти менен:
исбилерменлерге тиккелей 10 жыл мүддетке ижараға бериў ҳәм мәмлекетлик мүлк ушын 4 жыл даўамында үзликсиз ижара төлемлерин әмелге асырған ҳәм ижара шәртнамасы шәртлерин орынлаған исбилерменге меншиклестириў ямаса баҳаланған баҳада тиккелей сатыў;
халықаралық тән алынған шет тили ҳәм маманлық сертификатларын алыўға оқытатуғын жергиликли ҳәм шет елли қәнигелер ямаса шөлкемлерге дәслепки биринши жылы ижара төлемин өндирместен 5 жыл мүддетке кейин ала оның мүддетин созыў шәрти менен ижараға бериў.
Район (қала) лардың ҳәкимликлерине төмендеги бағдарларда ҳәкимшилик ўәкилликлер бериледи:
мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм исбилерменлер арасында "турақлы байланыс" системасын жаратыў мақсетинде район (қала) ларда Исбилерменлер жәмийетлик кеңесин дүзиў;
2025-жыл 1-январьдан белгиленген министрликлер ҳәм уйымлардың район (қала) лық бөлимлериниң басшыларын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың аймақлық басқармалары менен келисилген ҳалда лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў, сондай-ақ, тийисли жуўапкерлерге хошаметлеў ямаса интизамый жуўапкершиликке тартыў илажларын көриў;
2025-жыл 1-январьдан 2026-жыл 1-январьға шекем белгиленген дизим бойынша район (қала) ларда ҳуқықый эксперимент сыпатында район (қала) ҳәкимлигиниң жумысын "Халық ҳәм исбилерменлердиң мәплерине хызмет етиў" жаңаша қатнас тийкарында шөлкемлестириў.