Компанияны меншиклестириў процесслеринде 6 талабан қатнасқан.
Төлем системасын сатып алыў бойынша үш қатнасыўшыдан Мәжбүрий усыныслар (ВО) келип түскен ҳәм 65 миллион АҚШ доллары муғдарында ең жоқары сатып алыў баҳасын усыныс еткен “Paynet” АЖ аукцион саўдасының жеңимпазы деп табылды.
Paynet тәрепинен усынылған бул баҳа «KPMG» халықаралық бийғәрез баҳа бериўши тәрепинен қойылған баҳадан жоқары есапланады.
Сондай-ақ, Paynet жәмийетке тийисли болған «Humo» төлем системасының турақлы ҳәм үзликсиз ислеўин тәмийинлеўге қаратылған қосымша илажларды әмелге асырыў бойынша миннетлемелерди, сондай-ақ, система пайдаланыўшыларының жеке (жеке ҳәм банк) мағлыўматларын қорғаўды өз мойнына алады.