баннер
5 Apr 2025
12:01

    Ҳуқық ҳәм мәплеримизди қорғаўшы тийкарғы нызам

    Өзбекстан Республикасы Конституциясы 1992-жылы 8-декабрь күни қабыл етилип, быйыл оған 32 жыл толмақта. Усы мүнәсибет пенен орынларда байрам илажлары өткерилмекте.

    Усындай илажлардың бири Өзбекстан мәмлекетлик Консерваториясы Нөкис филиалында болып өтти. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Толыбеков, Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы С.Даўлетмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары М.Абдуллаев, филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент – жаслар қатнасты.

    Илажды филиал директоры Р.Абдуллаев кирис сөз бенен ашты. Сөзге шыққанлар Конституцияда тийкарғы итибар инсан ҳәм оның ҳуқықлары, сиясий ҳәм социаллық -экономикалық кепилликлери ҳаққында айтып өтти.

    Илаж соңында «Саз атқарыўшылығы» кафедрасының профессоры, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы Ҳикмат Ражабовтың басшылығында дүзилген халық сазлары оркестри ҳәм талантлы студент-жаслардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech