Ҳуқықый машқалаларға шешим табыў турақлы итибарда

    13 наурыз 2025 255

    Халықты қыйнап киятырған ҳуқықый машқалаларға шешим табыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министри Акбар Тошқуловтың Шымбай районында көшпели қабыллаўы өткерилди.

    Илажға район ҳәкими Айбек Тажетдинов, аймақтағы мәмлекетлик мәкеме, шөлкем ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

    Көшпели қабыллаўда пуқаралардың мийнет тараўындағы тартыслар, кадастр, шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, бәнтлик, социаллық қорғаў ҳәм басқа да бир қатар мәселелер бойынша мүрәжатлар қабылланды.

    -Мүрәжатлардың сегизи өз орныда шешилип, 14 пуқарының мүрәжатын үйренип шығыў ушын ис жүргизиўге алынды. Сондай-ақ, қабыллаў даўамында 20 дан аслам көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди,-дейди Қарақалпақстан Республикаси Әдиллик министрлигиниң қәнигеси Нурия Бердиниязова.

    Сондай-ақ, Әдиллик министри Акбар Тошкулов Шымбай районы әдиллик бөлими жумысы менен танысып, мәмлекетлик хызметлер орайында аймақ халқы ушын жаратылған қолайлы шараятлар, киши китапхана, Wi-Fi аймақ, өзи-өзине хызмет көрсетиў мүйешлери өз жумысын көзден өткерди.

    Илажда министр тараў хызметкерлери менен сәўбетлесип, халықтың күнделикли турмысында ушырасатуғын ҳуқықый машқалаларды анықлаў ҳәм онлайн мәҳәлле платформасы арқалы келип түскен ҳуқықый машқалаларды сапластырыў, бул бойынша «мәҳәлле жетилиги» менен турақлы бирге ислесиў зәрүрлиги атап өтилди.

    Усылар менен бир қатар, ушырасыўда мәмлекетлик ҳәм ҳуқықый хызметлер сапасын буннан былайда арттырыў бойынша хызметкерлердиң усыныслары тыңланып, керекли мәсләҳәт ҳәм көрсетпелер берилди.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates