баннер
21 Mar 2025
03:32

    Социаллық категориядағы абитуриентлерге қосымша грант ажыратылады

    Бул жеңиллик абитуриент дизимнен өтиўде таңлаған биринши бакалавриат тәлим бағдарына ҳәм усы тәлим бағдарына кириўде Мәмлекетлик комиссия тәрепинен мәмлекетлик грантқа белгиленген минимал өтиў балы ҳәм оннан жоқары балл топлаған абитуриентлерге қолланылады.

    Ҳүкимет қарарына бола, бакалавриат тәлим бағдарларына ажыратылған мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў параметрлерине салыстырғанда 10 процентке шекемги муғдарда Социаллық қорғаў миллий агентлиги және Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен белгиленетуғын категориядағы абитуриентлер (кейинги орынларда - белгиленген категориядағы абитуриентлер) ушын мәмлекетлик грант тийкарындағы қосымша қабыллаў параметрлери ажыратылады.

    Онда белгили бир бакалавриат тәлим бағдары бойынша мәмлекетлик грантқа өтиў балының 80 проценти ҳәм оннан жоқары балл топлаған белгиленген категориядағы абитуриентлер ажыратылған мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў параметрлери шеңберинде, баллар избе-излигине қатаң әмел еткен ҳалда студентликке усыныс етиледи.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech