Онда Өзбекстан сайланды командасы тарийхта биринши мәрте усы категориядағы жарыста дәслепки медальын қолға киргизгени атап өтилди.
ЛМ1х бағдарламасында (жеңил салмақтағы жеке түрде) болып өткен беллесиўлерде Париж-2024 жазғы Олимпиада ойынларының қатнасыўшысы Шаҳзод Нурматов финишке үшинши болып жетип келди ҳәм бронза медалына ийе болды.
