― Исбилерменлик жумысымызды баслағанымызға бир жылға шамалас ўақыт өтти. Ҳәзирги ўақытта кәрханамыз 46 түрдеги нан ҳәм нан өнимлерин таярлаў қуўатлылығына ийе. Нөкис қаласы Наўрыз МПЖ дағы 6 ҳаял-қыздың турақлы бәнтлигин тәмийинледик. Жеңиллетилген кредит алыўда, исбилерменлик көнликпелерине ийе болыўымызда ҳәм бизнесимизди баслаўда Саўда-санаат палатасы жақыннан жәрдем берип келмекте. Алдағы ўақытларда кәрханамызды еле де кеңейтип, жеке брендимиз тийкарында ислеп шығарылған өнимлеримизди дүнья базарларына танытып, қосымша жумыс орынларын жаратыўды режелестирип атырмыз,-дейди исбилермен М.Қайпова.
Мағлыўмат ушын, Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларға жаратылып атырған имканиятлар ҳәм жеңилликлер нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасында исбилермен ҳаял-қызлардың саны жыл сайын артып бармақта. Нөкис қаласында усы жылдың январь-октябрь айлары аралығында 745 бизнес субъекти мәмлекетлик дизимнен өткен болса, соннан 242 кәрхана ҳаял-қызлар тәрепинен шөлкемлестирилгенлигин гәпимиздиң дәлили сыпатында атап өтсек болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.