Имканияты бар жумыс бериўшилер менен ушырасыў өткерилди

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў, ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында”ғы қарары қабыл етилген еди.

    Төрткүл районы ҳәкимлиги, район прокуратурасы ҳәм ишки ислер бөлими ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлердиң басламасы менен усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жумыссыз жаслар, профилактикалық есапта турған пуқаралар ҳәм билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилери ушын Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң Төрткүл факультетинде гезектеги “Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы” шөлкемлестирилди.

    Бул мийнет ярмаркасына “Өнермент” ассоциациясының ағзалары болған белсенди өнерментлер ҳәм райондағы коммерциялық банклердиң ўәкиллери мирәт етилди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

    Онда “Потенциаллы жумыс бериўшилер менен ушырасыў” өткерилди. Ушырасыўда исбилермен ҳәм өнерментлер, жумыс бериўшилер өзлериндеги жаңа ҳәм бос жумыс орынларын рәсмийлестириў, хызметкерлер менен мийнет шәртнамаларын дүзиў бойынша мағлыўматлар берди. Соның менен бирге илаж даўамында мийнет қатнасықларына байланыслы басқа да түсиниклер берилди.

    Сондай-ақ, ярмаркада 31 кәрхана ҳәм шөлкем бос жумыс орынлары менен қатнасты ҳәм тиккелей ярмаркада 29 жумыссыз пуқара өзине мақул болған бос жумыс орынларына жумысқа жайласты.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.