Нөкис районында шөлкемлестирилген семинарда, аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси атап өтилди.

Семинарға, Республикамыздан бириктирилген ўәкиллер, тараўға байланыслы қәнигелер менен фермерлер қатнасты.

Онда 2025-жылдың өними ушын аўыл хожалығы егинлери егилетуғын егислик майданларды шүдигарлаў, лазерли тегислеў, шорды жуўыў, ғәлле тәрбиясы, каналларды бетонлаў ҳәм бәҳәрги егиске техникаларды сазлаў сыяқлы мәселелер орын алды.

Сондай-ақ, бүгинги күнде аграр тараўды раўажланыў мақсетинде жаратылып атырған жаңа имканиятлар менен шараятлардан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.