Комплекстиң дәл ортасында уллы бабамыздың мақбарасы жайласқан.
Мәмлекетимиз басшысы бул зыярат орнына барды. Қуран оқылып, пәтия етилди.
- Мүбәрек Рамазан ҳайыты алдынан уллы ўатанласымыз, муҳаддислер султаны Имам Бухарийдиң жарқын естелигине және бир мәрте терең ҳүрмет көрсетемиз. Бухарий Қураны кәримнен кейинги ең абырайлы дәрек болған ҳәдислер топламын жаратыў арқалы пүткил ислам дүньясында тән алынған уллы тулға болып есапланады. Бизиң муқаддес жеримиз дүньяға мине усындай уллы илимпазды жеткергени менен ҳәр қанша мақтансақ арзыйды.
Халқымыздың пидәкерлик мийнети менен бүгин арзыў-нийетлеримиз әмелге асты. Бул сийрек ушырасатуғын зыярат етиў комплексин Имам Бухарийдиң пүткил дүньяда тән алынған жоқары мәртебесине мүнәсип дәрежеде қурыўға еристик. Бул тарийхый ўақыя менен бәршемизди қутлықлайман, - деди мәмлекетимиз басшысы.