Мәмлекетимиз басшысының қарарына муўапық, өткен жылы елимизде ақида мектебиниң тийкарын салыўшы Абу Мансур Мотуридий туўылғанының 1155 жыллығы кеңнен белгиленди. Усы мүнәсибет пенен Самарқанд қаласындағы Шукардиза қойымшылығы аймағында Имам Мотуридий комплексин реконструкциялаў ҳәм абаданластырыў жумыслары басланды.
10,2 гектар майданда 250 орынлық мешит, бас кириў порталы, илимий орай, китапхана, музей, автомобиль туратуғын орын қурылмақта.
Шукардиза қойымшылығында алып барылып атырған қурылыс жумыслары даўамында уллы ислам ҳуқықтаныўшысы Бурханиддин Марғинанийдиң жерленген орны табылып, ҳәзир бул жерде оның мавзолейи қурылмақта.
Белгили уламалардың естелигине Қуран оқылды.
Мәмлекетимиз басшысы дөретиўшилик жумысларды көзден өткерип, бул жер дүнья мусылманлары ушын зыярат орайларынан бири екенин, бул жерде заман талапларына сай шараятлар жаратыў зәрүрлигин атап өтти.
- Бул комплекске келген адам, бәринен бурын, Имам Мотуридийдиң илимий-ағартыўшылық мийрасы, оның ислам дүньясында тутқан орны ҳаққында анық түсиникке ийе болыўы, уллы алымның ағартыўшылық көзқараслары ҳәзирги күнде де әҳмийетли екенин сезиўи керек, - деди Президент.
Қурылыс жумысларын сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў, аймақта жасыл аймақларды көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.