Бахыт индекси -1 ден +1 ге шекемги шкала бойынша өлшенеди. Улыўма Өзбекстан бойынша өсиў бақланды: 2023-жылы бул көрсеткиш +0,56 болған болса, 2025-жылы +0,611 ге жетти. Демек, еки жыл даўамында шаңарақ абаданлығы дәрежеси +0,051 ге артқан. Бундай өсиў шаңарақлардың көпшилиги келешекке үмит пенен қарайтуғынын, исенимин жоғалтпайтуғынын, қыйыншылықларды шүкиршилик пенен жеңип өте алатуғынын билдиреди.
2025-жылдың жуўмақлары бойынша ең жоқары көрсеткишлер руўхый ҳәм қәдириятлық бағдарларды сәўлелендиреди. Ең күшли көрсеткишлер демографиялық турақлылық (+0,833), шаңарақлық қәдириятлардың әҳмийетлилиги (+0,791) ҳәм шаңарақ турмысынан разылық (+0,734) болып есапланады. Бул шаңарақларда перзентли болыў, бир-бирине итибар, ғамхорлық ҳәм дәстүрлерге садықлық бахытлықтың тийкары болып қалып атырғанын тастыйықлайды.
Изертлеў, сондай-ақ, бир қатар әҳмийетли бағдарлар бойынша өсиўди көрсетти. Билимлендириўге қамтып алыў +0,31 ге, бәнтлик пенен тәмийинлениў +0,22 ге, мәмлекетлик уйымлардың жумысынан қанаатланыў +0,13 ге жақсыланды. Демографиялық турақлылық (+0,01), шаңарақлық шараяттан қанаатланыў (+0,07) ҳәм шаңарақлық қәдириятларды беккемлеў (+0,07) бойынша киши, бирақ унамлы өсиў бақланды. Әсиресе, билимлендириў ҳәм бәнтлик тараўларында өзгерислер көзге тасланып, халық ушын имканиятлар кеңейип атырғанын көрсетпекте.
Таллаўлар соны көрсетпекте, өзбек шаңарақларындағы бахыт тийкары жыллы мүнәсибет, өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм руўхый қәдириятлар болып қалмақта. Соның менен бирге, абаданлықты сезиў барған сайын дәрамат дәрежеси, жасаў шараяты ҳәм профессионал әмелге асырыў имканиятлары менен байланыслы болып бармақта. Бул жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызлар ушын билимлендириўдеги жеңилликлерди кеңейтиў, исбилерменлик ҳәм қосымша дәрамат алыў ушын шараятлар жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған социаллық ҳәм экономикалық сиясаттың әҳмийетли екенлигин тастыйықлайды.
Турмыс сапасын жақсылаўда руўхый қәдириятлардың сақланып қалыныўы мәмлекетте шаңарақлық бахыт индексиниң және де артыўына хызмет етеди.
