Ҳәзирги ўақытта Ҳиндстан Аўыл хожалығы ҳәм фермерлердиң абаданлығы министрлигиниң тийисли қарарлары “Gazette of India” рәсмий мәмлекетлик хабаршысында жәрияланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Бул шешимлерге ерисиў аграр тараўдағы исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар ашады. Атап айтқанда, мәмлекетимиз экспортёрлары ҳәм агроисбилерменлери үлкен ҳәм жедел раўажланып атырған Ҳиндстан базарына тиккелей кирип бармақта.

Өнимлер фитосанитариялық нормалар ҳәм қәўипсизлик стандартларына қатаң әмел еткен ҳалда жеткерип бериледи.

Оған жуўап ретинде Өзбекстан Ҳиндстан ананасы ҳәм папаясын импорт етиў ушын да усындай жасыл коридор жаратыў процесин жеделлестирмекте.

Бул Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы саўда-экономикалық байланысларды беккемлеўде әҳмийетли қәдем болып, мәмлекетимиз агросекторы ушын жаңа имканиятлар жаратады.