3-ноябрь, шемби күни кеште қаплан үйге кирип, шаңарақтың алты ағзасына ҳүжим етти. Шаңарақ ҳайўанды бөлмелердиң биринде тез қамаққа алыўға еристи. Полиция, тоғай хожалығы хызметкерлери ҳәм қутқарыўшылар тез арада ўақыя орнына жетип келди, ҳайўанды зыянсызландырды ҳәм оны имараттан алып шықты.
Барлық жәбирлениўшилер қыстаўлы емлеўханаға жатқарылды. Олардан үшеўи аўыр жарақат алды, деп хабар берди “mir24.tv”.
Бул ўақыядан бир күн алдын жақын жердеги тоғайда қаплан ҳүжими ақыбетинде бир адам жарақатланған еди. “Times of India” газетасының хабар бериўинше, бул ҳайўан сол ҳайўан ба ямаса жоқ па, белгисиз болып қалмақта.