Соның ишинде, Индонезия туроператорлары ассоциациясы (ASITA) баслығы Н.Русмиати, «Aldo Holidays» туристлик компаниясының директоры Ж.Самолангом, Индонезия Уламалар Кеңеси баслығының ўәкили, «Fayyash Travel & Tours» компаниясының басшысы А.Сисванди, Ислам туризми изертлеў орайы А.Убайдуллаҳ пенен сөйлесиўлерде зыярат туризми ҳәм "Умра+" бағдарында Индонезиядан туристлер ағымын арттырыў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында биргеликте республикадағы туристлик маршрут ҳәм хызметлерди жетилистириў, Индонезияда Өзбекстанның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў бойынша келисимлерге ерисилди, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.