Информация қәўипсизлигиниң әҳмийети артпақта

    8 ақпан 2025 104

    Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы ҳәм “Өзкомназорат” инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен “Информация ҳәм киберқәўипсизлик” атамасында оқыў-семинары болып өтти.

    Онда басқарма ҳәм инспекция хызметкерлери, филиал басшылары ҳәм қәнигелери қатнасты.

    Семинар даўамында инспекция жуўапкерлери тәрепинен бүгинги күнде жаслар арасында ушырасып атырған кибержынаятлар, түсинбеўшилик ямаса информация қәўипсизлиги мәдениятын аңламаў ақыбетинде кибержынаят қурбанына айланып атырған пуқаралар, бундай жағдайлардың алдын алыўда нелерге итибар қаратыў әҳмийетли екенлиги сыяқлы темаларда мағлыўматлар берилди. Соның ишинде, инсанлар тәрепинен қастан жаратылып атырған информация вируслары, басқалардың атына онлайн кредитлер рәсмийлестирилиўи жағдайлары ҳаққында да ҳәр тәреплеме айтып өтилди.

    Атап өтилгениндей, бүгинги раўажланған дәўирде информация ең үлкен байлық ҳәм соның менен бирге, ең қәўипли қуралға айланып бармақта. Соның ишинде, киберҳүжимлер, информациядан пайдаланыўға тийкарланған жынаятлар да күн сайын артып бармақта. Әне, усындай жағдайда пуқаралар арасында информациядан дурыс пайдаланыў ҳәм жеке мағлыўматлардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў талап етиледи.

    Сондай-ақ, илажда электрон баҳалаў системасы (Hemis) менен байланыслы кибержынаятлар ҳәм оларға нызамшылықта белгиленген жазалар ҳаққында да мағлыўматлар берилди.

    Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.