Социаллық мәмлекет есапланған Өзбекстанда халықтың саламатлығын беккемлеў ең әҳмийетли бағдарлардан бири. Усы мақсетте мәмлекетлик емлеўханалар реформаланбақта, тараўға инвестициялар тартылып, жеке меншик сектор да раўажландырылмақта. Соның ишинде, бүгинги күнде Қашқадәрьяда 700 ден аслам жеке меншик клиника ашылған, оларда 72 хызмет түри жолға қойылған.
Россиялы исбилермен менен биргеликте шөлкемлестирилген "Оқ сарой" клиникасы жақында иске түсти. Бул жерде 4 хирургиялық ҳәм 6 реанимация бөлмелери, 100 ден аслам емлеў орынлары бар. Бир ўақыттың өзинде 4 ҳәм күнине 25 ке шекем жоқары технологиялы кардиохирургиялық операцияларды өткериў имканияты жаратылған. Оның ушын Россия, Түркия ҳәм Кувейттен тәжирийбели шыпакерлер жумысқа тартылған. Стентлеў, аорта коронар шунтлаў, туўма нуқсанларды сапластырыў, эндопротезлеў сыяқлы емлеўлер нәтийжеси жоқары.
Орай жоқары анықлықта диагностика хызметин де көрсетеди. Мәселен, заманагөй эхокардиография үскенеси жасалма интеллект жәрдеминде ислейди. Бундайы ҳәзирше Өзбекстанда бирден-бир.
Мәмлекетимиз басшысы бундай инновациялық клиникалар медицинада сапа ҳәм көзқарасты өзгертиўи, басқаларды да трансформацияға ийтермелейтуғынын атап өтти.
- Бул жердеги системаны үлги етип алып, 14 аймағымызда усындай клиникалар шөлкемлестириў зәрүр. Буған қанша қаржы керек болса, табамыз. Тек негизинде халқымыз ушын кепилленген сапалы ем болыўы керек. Альтернативлик, бәсеки болмаса, сапаға умтылыў болмайды, - деди Шавкат Мирзиёев.
Жуўапкерлерге бул бойынша усыныс таярлаў, клиникаларды басланғыш буўын ҳәм медициналық қамсызландырыў системасы менен үйлестириў бойынша көрсетпелер берилди.
Емлеўханада 130 жумыс орны жаратылған. Маман қәнигелер таярлаў ушын усы жердиң өзинде клиникалық ординатура жолға қойылған.
Президентимиз буған айрықша әҳмийет қаратып, студентлер ҳәм шыпакерлердиң маманлығын арттырыў, сырт елли қәнигелер менен телемедицинаны кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, надурыс аўқатланыў ақыбетинде қашқадәрьялылар арасында жүрек-қан тамыр кеселликлери көп ушырасады. Жаңа клиника ҳәм оның жанындағы орай усы кеселликлерди ерте анықлап, диагноз қойыў ҳәм емлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Бул орай тәрепинен мобил диагностика машиналары жолға қойылған болып, шетки аймақлардағы халыққа УДТ, МСКТ, ЭКГ сыяқлы медициналық хызметлерди көрсетеди.