Атап өтилиўинше, санлы
технологиялардың жедел раўажланыўы электрон коммерция қатнасыўшылары ушын
заманагөй логистика инфраструктурасына ийе болған миллий электрон коммерция
мәканын жаратыў, сондай-ақ, электрон коммерция қатнасыўшыларының ҳуқықлары
менен мәплерин қорғаўдың ҳуқықый базасын буннан былай да жетилистириўди талап
етпекте.
Нызам менен Салық кодексине
электрон хызметлер көрсететуғын ямаса электрон саўда платформалары арқалы
товарларды реализациялайтуғын сырт ел юридикалық шахсларына салық салыўды
белгилеў, оларды есапқа алыў ҳәм услап қалыў, салықларды есаплаў ҳәм услап
қалыў, салық есабатларын тапсырыў ҳәм салықларды төлеўге қаратылған өзгерислер
ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Атап айтқанда, сырт ел маркетплейслери
Өзбекстанда сатылған товарлар ушын қосымша қун салығын төлеўи керек.
Буннан тысқары, "Электрон коммерция
ҳаққында"ғы нызамға электрон коммерция, электрон саўда платформалары,
электрон саўда қатнасыўшылары ҳәм операторлары, электрон коммерция тараўындағы
төлемлер, трансшегаралық электрон коммерцияның өзине тән өзгешеликлери, санлы
товарлардың экспорты ҳәм импорты бойынша ҳуқықлар менен миннетлемелерди
белгилейтуғын өзгерислер киргизилмекте.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында
жәрияланған ҳәм 12.09.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».