Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып бармақта.

Жалпы мәжилистеги мәселелердиң додаланыўын Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.

Сенаттың 19-жалпы мәжилисинде "Латын графикасына тийкарланған өзбек әлипбесин енгизиў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерис киргизиў ҳаққында"ғы нызам додаланды.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде өзбек тилин раўажландырыў, оның мәмлекетлик тил сыпатындағы статусын беккемлеў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта. Өзбек тилиниң халықаралық майдандағы абырайы артып баратырғаны атап өтилди.

Нызам менен "Латын графикасына тийкарланған өзбек әлипбесин енгизиў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына тийисли өзгерислер киргизилип, латын графикасына тийкарланған өзбек әлипбеси 26 ҳәрип ҳәм 3 ҳәриплер бирикпесиниң орнына 28 ҳәрип ҳәм бир апострофтан ибарат болыўы нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, жаңа редакциядағы әлипбеге өтиў процесинде пуқаралар ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары менен мәплерин есапқа алыў мақсетинде Нызам күшке киргенге шекем әмелдеги әлипбе тийкарында рәсмийлестирилген ҳүжжетлер, миллий валюта ҳәм баҳалы қағазлардың айланысына жол қойылатуғыны белгиленбекте. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң айырым символикалық белгилери, сондай-ақ, белгилери ҳәм көрсеткишлеринен пайдаланыў ушын жарамсыз жағдайға келгенше ямаса белгиленген мүддетке шекем пайдаланыўға рухсат бериледи.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи латын графикасына тийкарланған өзбек әлипбесин ҳәм имла қағыйдаларын жетилистириў, мәмлекетлик тилден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, өзбек тилин санластырыў процесслерин раўажландырыўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.