Дизимде тири донор ушын трансплантация объектлери бүйрек, баўыр ҳәм баўыр бөлеги және гематопоэтикалық сүйек кемигиниң өзек клеткалары трансплантациясына қарсы көрсетпе болатуғын кеселликлер бар.
Буларга АИВ/АИЖС, нәшебентлик, токсикомания, алкоголизм, морбид семизлик, артериал гипертензия II-III дәрежеси, созылмалы бүйрек кеселлиги II-III-IV-V басқышы, қантлы диабет, еки тәреплеме сидик тас кеселлиги, қәўипли өспелер кеселликлери киреди.
Сондай-ақ, инсан мәйити ушын трансплантация объектлери бүйрек, баўыр ҳәм баўыр бөлеги, тамырлар (үлкен тамырлар бөлимлери) ҳәм көз мүйиз пердеси ҳәм оның бөлимлери трансплантациясына қарсы көрсетпе болатуғын кеселликлер белгиленген.
Булар қатарына АИВ/АИЖС, туберкулёз, сепсис, замарықлы кеселликлер, TORCH инфекциясы ((IgM позитив), жүдә қәўипли инфекциялық кеселликлер, қәўипли өспелер кеселликлери сыяқлылар киреди.