Мәмлекетимизде сырт елде жумыс ислеў тилегинде болған пуқараларды анық вакансиялар бойынша мақсетли оқытыўға айрықша итибар қаратылмақта. Онда шет тиллерин оқытыў, кәсиплик көнликпелерди қәлиплестириў, маманлықты тастыйықлаў ҳәм жумысқа орналастырыў процесслери өз-ара байланыслы болыўы әҳмийетли. Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген Орай бул ўазыйпаларды шешиўге хызмет етпекте.

Мәмлекетимиз басшысына орайдың имканиятлары, билимлендириў бағдарламалары, сырт елли шериклер менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

- Он жыл алдын санаўлы мәмлекетлер менен нызамлы мийнет миграциясы тараўында келисимлеримиз бар еди. Бүгин ашық-айдынлық сиясаты себепли жасларымыз дүньяның көплеген мәмлекетлеринде мүнәсип жумыс табыў имканиятына ийе болды,-деди Президент. - Жасларымыз сырт елге әпиўайы жумысшы болып емес, жетик қәниге сыпатында барыўын қәлеймен. Мақсетимиз – оларды кәсип-өнерге үйретип, жаңа орталыққа, мәдениятқа бейимлестириў.

Дерлик 3,5 гектар майданды ийелеген орайда пуқаралар мүрәжат етиў, зәрүр ҳүжжетлерди рәсмийлестириўден баслап тил ҳәм кәсип-өнер үйрениў, имтихан тапсырыў, сырт елге жумысқа барыў сыяқлы кең көлемли мәселелерди шешеди. Фронт-офисте визаларды рәсмийлестириў бойынша мәсләҳәтлер бериледи ҳәм жәрдем көрсетиледи. Банк бөлими, авиакасса ҳәм колл-орай да усы жерде жумыс алып барады.

Комплексте 600 орынлық оқыў ханалары, 180 орынлық әмелий шынығыў ханалары, 120 орынлық имтихан орайы ҳәм 400 орынлық жатақхана бар. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 6 халықаралық жойбар шеңберинде 240 адам билим алмақта. Олар ушын бийпул оқыў ҳәм турақ жайлар ажыратылған.

Президентимиз тил ҳәм кәсипке таярлаў ханаларындағы оқыў процесин көзден өткерди. Орайда немис, инглис, япон, корейс, чех, поляк, итальян ҳәм словак тиллери оқытылады. Тил үйретиў бағдарламалары 6 айдан 10 айға шекемги мүддетке мөлшерленген. Олардың мазмуны сырт елли жумыс бериўшилердиң талапларынан келип шығып, турақлы түрде жаңаланып барылады.

Кәсипке оқытыў 12 бағдарлама тийкарында алып барылмақта. Тыңлаўшылар медицина, кепсерлеў, электромонтаж ҳәм сантехника жумыслары, қоймахана логистикасы, қурылыс, мийманхана ҳәм ресторан хызмети, аспазлық ҳәм басқа да қәнигеликлерди ийелейди.

- Қайсы мәмлекетте болың, әтираптағыларды мәдениятымыз, дәстүрлеримиз, тарийхымыз бенен таныстырып барың. Жақында Японияның Нагоя қаласының мэри жасларымыздың мәденияты ҳәм тәрбиясынан қуўанып, маған хат жоллады. Сизлер ҳаққында да "Булар тарийхы бай уллы мәмлекеттиң перзентлери" деген сөзлерди айтыўды қәлер едим, – деди Президент орай тыңлаўшылары менен сәўбетте.

Буннан соң Президент коммунал ҳәм қурылыс тараўларында ислеў көнликпелери үйренилип атырған оқыў симуляциялық залларындағы сабақлар менен танысты. Бул жерде тыңлаўшылар реал жумыс орталығына максимал жақынластырылған шараятларда кәсиплик көнликпелерин жетилистиреди. Атап айтқанда, сантехника ҳәм электр системаларында ислеўди үйренеди, кепсерлеўшилерди таярлаў халықаралық ISO 9606 стандартлары тийкарында алып барылады. Оқыў үскенелери Германия, Қытай ҳәм Россиядан алып келинген.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы имтихан өткерилетуғын аудиторияларға барды. Орайда тыңлаўшыларды шет тиллерин билиў дәрежесин тастыйықлайтуғын халықаралық сертификатларды алыўға таярлаўға айрықша итибар қаратылған: бул жерде ÖSD, TELC, J-CERT ҳәм EPS TOPIK сыяқлы имтиханлардан өтиў ушын шараят жаратылған.

- Биз инглис тили ушын қандай шараят жаратқан болсақ, немис ҳәм япон тиллерин үйрениў ушын да сондай шараят жаратпақшымыз. Мектепти питкергеннен кейин жаслар кепилликли жумысқа орналасыўы ушын оларға мектепте-ақ шет тиллерин ҳәм кәсип-өнерлерди үйретиўимиз керек, – деп атап өтти Президент.

Сырт елли шериклер менен биргеликте таярлық жумыслары алып барылмақта. «Proud Partners», «Onodera User Run», «Deutsche Bahn», «RecruitMed GmbH», «PentaHospital» компаниялары ҳәм Перуджи университети менен биргеликтеги жойбарлар пуқараларды жумыс бериўшилердиң талапларына муўапық оқытыў ҳәм олардың келешектеги бәнтлигине жәрдемлесиўге қаратылған.

Сондай-ақ, тыңлаўшылар ушын коворкинг зоналары, спорт майданшалары ҳәм дем алыў орынлары шөлкемлестирилген. Орайда 40 жергиликли хызметкер ҳәм оқытыўшы, 6 шет тили оқытыўшысы жумыс ислемекте.

Президентимиз бул тәжирийбени мәмлекетимиздиң басқа аймақларында да енгизиў, сырт елли жумыс бериўшилердиң талабынан келип шығып, талабанларды таңлаў, тил ҳәм кәсип үйретиў, бәнтлигине жәрдемлесиўди бирден-бир системаға бирлестириўди усыныс етти.