Мәмлекетимиздеги ашық-айдынлық, күшли инвестициялық сиясат нәтийжесинде экономика турақлы өсип бармақта. Атап айтқанда, 2024-жылы жалпы ишки өним 6,5 процентке артып, 115 миллиард долларға жетти. Сырт ел инвестициясы 1,6 есеге өсип, дерлик 35 миллиард долларды қурады. Баҳасы 10 миллиард долларлық 242 ири ҳәм орта жойбарлар иске қосылды. Экспорт биринши мәрте 27 миллиард долларға жетти.
Өткен жылы таў-кән, нефть-газ, химия, аўыл хожалығы тараўларында инвестиция 2 есеге артты. 50 районға 100 миллион доллардан аслам инвестиция кирип келген.
Сын көзқарастан өткен мәжилисте тараўдағы артта қалыўшылық ҳәр тәреплеме талланды.
Тоқымашылық санааты, "Өзтрансгаз," "Өзметкомбинат," "Өзсуўтәмийнат" системасында инвестиция көрсеткишлери төменлеген. Экология, Аўыл хожалығы, Санлы технологиялар, Транспорт, Қурылыс, Денсаўлықты сақлаў, Спорт, Мәденият, Жоқары билимлендириў, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрликлери алып келген инвестиция ҳәм грантлар имканиятқа мүнәсип емес.
Айырым район ҳәкимлери инвестиция ҳәм экспорт мәселесин өз ҳалына таслап қойғаны көрсетип өтилди. Соның ишинде, Беруний, Қараөзек, Қоңырат, Пешку, Янгиабад, Қамаши, Ханка, Шават, Ромитан, Дийқанабад, Миришкор, Шырақшы, Нарпай, Нурабад ҳәм Гүлистан районлары ҳәм Аҳангаран қаласының ҳәкимлерине сөгис жәрияланды. Жумысында үлкен кемшиликлерге жол қойғаны ушын Сырдәрья ўәлаяты ҳәкими Акмалжан Маҳмудалиев лаўазымынан азат етилди.
Мәжилисте инвестиция ҳәм экспорт бойынша быйылғы тийкарғы ўазыйпалар белгиленди.
Бәринен бурын, бул мәселе аймақлар кесиминде көрип шығылды. 27 районда инвестиция көлеми 200 миллион доллардан артыўы есап-санақ етилген. Бирақ, 10 районда реже 40 миллион долларға да жетпейди. Жуўапкерлерге бул районларда жаңа жойбарларды қәлиплестирип, инвестицияны көбейтиў бойынша тапсырма берилди.
Қаржылардың нәтийжелилигине айрықша тоқтап өтилди. Мәселен, соңғы жети жылда киргизилген 120 миллиард доллар инвестиция есабынан 6 мыңнан аслам кәрхана иске қосылған. Талласақ, ҳәр 1 мың доллар инвестиция жылына орташа 530 доллар қосымша қун жаратып атыр. Бул көрсеткиш таў-кән санаатында 700 долларға жеткен.
Бирақ нефть-газ, металлургия ҳәм қурылыс материаллары тараўларында инвестиция нәтийжелилиги салыстырмалы төмен. Аймақлардан болса Сырдәрья, Бухара ҳәм Қарақалпақстанда усындай жағдай.
Жаңадан ашылған 92 кәрханада үскенелер пайдаланылмай турғаны себепли кредитлердиң қайтарылыўы кешикпекте. 105 исбилермен алып келген үскенелер бажыхана қоймаханаларында тур.
Президент инвестицияның нәтийжелилигин арттырыў аймақ ҳәм тармақ басшыларының тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек екенлигин атап өтти.
- Бул экономикамыздың өсиўине үлкен түртки береди. Кепилликли сатып алыў есабынан, жүдә көп жаңа жумыс орынлары жаратылады, валюта үнемленеди ҳәм қолайлы тараўлар раўажланады. Буны ҳәкимлер жақсы түсинип, ҳәр бир жойбардың ишине кирип, жумысты нәтийжели шөлкемлестириў керек, - деди Шавкат Мирзиёев.
Исбилерменлердиң қатнасыўында ярмаркалар өткерип, жаңа өнимлерди өзлестириў, ири инвестициялық жойбарларда жергиликли өнимлердиң үлесин көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәмлекетимизде исбилерменлер класы кеңейип, халықаралық шеңберге шықпақта. Алдынғы кәрханаларымыз сырт елден тиккелей қаржы алып келиўди баслады. Буны қоллап-қуўатлаў мақсетинде, Президент пәрманы менен, Саўда-санаат палатасында Исбилерменлерге сыртқы қаржы базарларына шығыўға жәрдемлесиў орайы шөлкемлестирилди. Енди буннан пайдаланып, көбирек исбилерменлер сырт елден қаржы тартыўға үйретилетуғыны айтылды.
Быйыл халықаралық финанс институтлары есабынан 5 миллиард 200 миллион долларлық жумыслар режелестирилген. Оларды өз ўақтында әмелге асырыў ушын Бас министрдиң басшылығында айрықша штаб шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен 1 миллиард 100 миллион доллар, Ислам раўажланыў банки менен 1 миллиард долларлық жойбарлар нәзерде тутылған. Жуўапкерлерге усы банклер менен мәмлекет кепиллигисиз жойбарларды көбейтиў, қаржыны тартыўда исбилерменлерге жәрдемлесиў тапсырылды.
Инвестиция нәтийжелилигиниң көрсеткишлеринен бири - экспорт. Мәселен, еркин экономикалық зоналардағы кәрханалар киргизген инвестициясына қарап, жеңиллик алмақта. Бул өзине түсер баҳаны төменлетиў, экспортқа шығыўға хызмет етиўи керек.
Өткен жылы 22 еркин экономикалық зонадағы 589 кәрхана 42 триллион сумлық өним ислеп шығарған. Бирақ, товарлардың тек ғана 18 проценти сыртқы базарларға сатылған, 372 кәрхана улыўма экспорт етпеген.
Сол себепли енди тек экспортқа жумыс ислейтуғын еркин экономикалық зоналар шөлкемлестирилетуғыны атап өтилди. Оларда сырт ел брендлери менен жоқары қунлы, сыртқы базарларда талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарылады. Олардан бириншиси Наманган ўәлаятында, 30 гектар майданда тоқымашылық бағдарында шөлкемлестириледи.
Және бир жаңа қатнас - өткен жылы 12 технопарк сырт ел кәрханаларының басқарыўына берилди. Ҳәзирше оларға 2,5 миллиард долларлық 27 жойбар жайластырылған. Бул тәжирийбени кеңейтип, сырт ел компанияларының қатнасыўында және бир неше технопарклер шөлкемлестириў усынысы билдирилди.
Быйыл экспортты 30 миллиард доллардан арттырыў мөлшерленбекте. Мәселен, елимизде шийки зат болған тоқымашылық, электротехника сыяқлы тармақларда экспортты 2-3 есеге арттырыў имканияты бар.
Сонлықтан бул еки драйвер тармақты раўажландырыў, экспортқа ислеп атырған кәрханаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў илажлары көриледи.
Атап айтқанда, экспортшыларды айланыс қаржы менен тәмийинлеў ушын өз алдына факторинг шөлкеми ашылып, оған 100 миллион доллар ажыратылады. Кәрханаларды халықаралық сертификат талапларына бейимлестириў қәрежетлериниң 20 мың долларға шекемги бөлеги қаплап бериледи. Раўажланыў ҳәм изертлеў орайлары (R&D) ушын алып келинетуғын лаборатория үскенелери бажыхана бажыларынан азат етиледи. Халықаралық маркетплейслер арқалы жергиликли өнимлерин үгит-нәсиятлаў ушын 2 миллион доллар қаратылады.
Жуўапкерлерге сыртқы базарлардағы имканиятты таллап, үш жыллық экспорт стратегиясын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Пахта жетистириў ҳәм қайта ислеўде де қосымша базар механизмлери енгизиледи. Усы жылдан баслап, кластерлер пахтаға талапты ҳәм баҳа усынысын бирге қояды, фермерлер болса өзине мақулын таңлап, фьючерс шәртнамасын дүзеди. Жеңилликли кредит алмай, өзи пахта жетистирген фермерлерге биржада сатқан пахтасының 10 проценти муғдарында субсидия бериледи. Жеңиллетилген кредитти 31-декабрьге шекем толық қайтарған фермерлерге кредиттиң 4 проценти қайтарып бериледи.
Сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши қыйтақ жер ийелери мәҳәлле банкирлерине қарыздар болады.
Мәжилис жуўмағында мәмлекетимиз басшысы дүньяда инвестиция ҳәм базарлар ушын бәсеки кескин екенин және бир мәрте атап өтип, жуўапкерлерге исшеңлик ҳәм нәтийжелиликти арттырыў талабын қойды. Бул бағдарда қадағалаў ҳәм сораў қатаң болатуғыны көрсетип өтилди.
Бас министрге быйылғы 42 миллиард доллар сырт ел инвестициясы бойынша айма-ай реже тастыйықлап, орынланыўын тәмийинлеў тапсырылды.
Мәжилисте министрлер, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлердиң мәлимлемеси тыңланды.