2017-жылдан берли мәмлекетимиз экономикасына барлық дәреклер есабынан 188 миллиард доллар инвестиция киргизилген. Соннан 87 миллиард доллары сырттан тартылған. Нәтийжеде инвестициялардың жалпы ишки өнимдеги үлеси 30 проценттен артып, турақлы экономикалық өсиўге тийкар болмақта.

Быйыл экономикаға киргизилген инвестициялардың көлеми 1,3 есеге көбейип, 36 миллиард доллардан асты. Олардың есабынан жыл басынан берли қосымша 70 триллион сумлық баҳасын беретуғын 560 ири ҳәм орта жойбарлар иске қосылды. Келеси жылдан экспортты және 1 миллиард долларға арттырыў имканияты пайда болды.

Тараў ҳәм аймақларда ашылып атырған имканиятлар менен бул нәтийжелерди және де арттырыў мүмкин.

Мәжилисте инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри 2025-жылғы режелер ҳаққында мәлимлеме берди.

Келеси жылы 43 миллиард долларлық инвестицияларды өзлестириў нәзерде тутылмақта. Бул арқалы 300 ден аслам ири жойбар орынланыўы, импорттың орнын басатуғын 662 жаңа өним ислеп шығарылыўы күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы буның ушын сырт ел инвесторлары менен мәнзилли ислеп, және де қолайлықлар жаратыў, ерисилген барлық келисимлерди жоқары дәрежеде әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, бүгинги күнде 1 мың 890 жойбар бойынша жумыс алып барылмақта. Олардың орынланыўын жеделлестириў ушын жуўапкерлер белгиленди.

Мәжилисте сыртқы саўда мәселелерине де итибар қаратылды.

Дүньяда бақланып атырған қурамалы жағдайда бул өз-өзинен болмайды. Экспорт-логистика избе-излиги қыйынласпақта, тийкарғы экспорт базарларымызда таяр өним алыў азаймақта.

Бундай шараятта ишки имканиятларды толық жумсап, экономикалық раўажланыў пәтлерин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

2030-жылға шекем мәмлекетимиздиң жыллық экспорт көлемин 2 есеге арттырып, 45 миллиард долларға алып шығыў мақсети белгиленген. Бул режедеги инвестициялық жойбарларды өз ўақтында иске қосып, жоқары қунлы өним ҳәм хызметлерди көбейтиўди, экспорт географиясын кеңейтиўди талап етеди.

Жуўапкерлерге режелердиң орынланыўын турақлы таллап, жумысты орынларда сапалы шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.