баннер
30 Mar 2025
05:07

    Инвесторлар исбилерменлер менен ушырасыў өткерди

    Әмиўдәрьялы исбилерменлер Қытай мәмлекетинен келген исбилермен топар ўәкиллери менен ушырасты.

    Онда район ҳәкими С.Хожаметов, ҳәким орынбасарлары, бөлим баслықлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм исбилерменлер қатнасты.

    Ушырасыўда район ҳәкими С.Хожаметов шығып сөйлеп, ушырасыўдың тийкарғы мақсети ҳәм қытайлы исбилерменлер менен бирге ислесиў районның экономикалық өсиўиндеги әҳмийетин атап өтти.

    – Қытайлылар тәрепинен елимизде энергетика тараўында альтернатив дәреклерге инвестициялар киргизилмекте. Өзбекстан қайта тиклениўши энергетиканы жедел раўажландырмақта. Қытай қуяш ҳәм самал электр үскенелерин ислеп шығарыўда дүнья жетекшиси болып есапланады. Өзбекстанда 9 миллиард долларлық 20 дан аслам энергетика жойбарлары Қытай компанияларының қатнасыўында әмелге асырылмақта ҳәм оларда тийкарынан жергиликли қәнигелер ислемекте, – дейди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети баслығы Чарос Арслонова. – Ушырасыўда Қытай делегациясы ағзалары районымыз исбилерменлери менен жаңа байланыслар ҳәм бирге ислесиў орнатыў, жаңа биргеликтеги жойбарлар ҳәм саўда шәртнамаларын әмелге асырыў мақсетинде районымызға келгенлиги ҳаққында сөз болды. Онда ҳәким жәрдемшилери ҳәм исбилерменлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды, – дейди ол.

    Өткерилген ушырасыў район исбилерменлери ушын үлкен имканиятларға тийкар жаратпақта.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech