Иордания Патшасы мәмлекетлик сапар менен Өзбекстанға келеди

    Сиясат 24 тамыз 2025 1694

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Иордания Ҳошимийлер Патшалығының Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн 25-26-август күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болады.

    Жоқары мәртебели мийман сапарының тийкарғы илажлары Самарқанд қаласында болып өтеди.

    Саммит күн тәртибинен сиясий, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў, химия, фармацевтика, аўыл хожалығы, тоқымашылық, кәншилик ҳәм басқа да тармақларда кооперацияны жолға қойыў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў мәселелери орын алған.

    Халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша да пикир алысылады.

    Сөйлесиўлер жуўмағында еки тәреплеме келисимлер топламына қол қойылыўы нәзерде тутылған.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates