Жоқары мәртебели мийман сапарының тийкарғы илажлары Самарқанд қаласында болып өтеди.

Саммит күн тәртибинен сиясий, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў, химия, фармацевтика, аўыл хожалығы, тоқымашылық, кәншилик ҳәм басқа да тармақларда кооперацияны жолға қойыў, мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў мәселелери орын алған.

Халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша да пикир алысылады.

Сөйлесиўлер жуўмағында еки тәреплеме келисимлер топламына қол қойылыўы нәзерде тутылған.