Израиль ҳәм Америка елшилерин өз аймағынан шығарып жиберген ҳәр қандай араб ямаса Европа мәмлекети Ормуз буғазы арқалы шекленбеген жолға ийе болады. Бул ҳаққында 9-март, дүйшемби күни Ислам революциясы қорғаўшылары корпусы (ИРҚК) мәлим етти, деп жазбақта CCN.
ИРҚК бул мәмлекетлер Израиль жане Америка Қурама Штатлары менен дипломатиялық қатнасықларды үзсе, стратегиялық суў жолы транзити ушын "толық ҳуқық ҳәм еркинлик"ке ийе болатуғынын билдирди.
"Дүнья жүзи бойлап нефть жеткерип бериўдиң дерлик бестен бир бөлеги ҳәзирги ўақытта дүнья базарлары ушын оғада әҳмийетли ҳәм жоқары қәўипли тар орын болған 21 мил кеңликтеги усы тар суў артериясы арқалы өтеди", делинеди мақалада.
Басылымның қосымша етиўинше, АҚШ ҳәм Израилдың Иран менен урысы еки тийкарғы себеп - Ормуз буғазының дерлик толық жабылыўы ҳәм Жақын Шығыста нефть қазып алыўдың төменлеўи себепли нефть баҳасының көтерилиўине алып келген.
Еслетип өтемиз, алдын Иран Ормуз буғазынан өтпекши болған барлық сырт ел кемелерин "жағып жиберетуғынын" ескерткен еди.
Кейин ала Тегеран ҳәзирги ўақытта Ормуз буғазын жабыў бойынша илажлар көрмей атырғанын, бирақ келешекте буны әмелге асырыўы мүмкин екенлигин билдирди, деп жазбақта korrespondent.net.