Исбилермен ҳаял-қызларға имканиятлар кеңеймекте

    Бизнес 6 желтоқсан 2024 51

    Соңғы жыллары Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларға жаратылып атырған имканиятлар ҳәм жеңилликлер нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасында исбилермен ҳаял-қызлардың саны жыл сайын артып бармақта.

    Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында исбилермен ҳәм өзин-өзи бәнт еткен ҳаял-қызлардың саны 16 675 тен асты. Тек ғана Нөкис қаласының мысалында айтып өтетуғын болсақ, усы жылдың январь-октябрь айлары аралығында жәми 745 бизнес субъекти мәмлекетлик дизимнен өткен болып, соннан 242 кәрхана ҳаял-қызлар тәрепинен шөлкемлестирилген. Яғный Нөкис қаласында усы жылы исбилермен ҳаял-қызлардың саны 242 ге артты деген сөз.

    Өз гезегинде Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықларын қорғаў, халықаралық көргизбелерге қатнасыў, ислеп шығарылған өнимлерине қарыйдар табыў, тәжирийбелерин арттырыў, жеңиллетилген кредит ҳәм субсидиялар алыў ҳәм басқа да бағдарларда әмелий жәрдемлер берилип келинбекте. Сондай-ақ, жетекши исбилерменлер тәрепинен исбилерменликке қызығыўшы жаслар, ҳаял -қызлар ҳәм пуқаралар ушын бийпул оқыў курслары шөлкемлестирилип, елимизде бизнес субъектлериниң буннан былай да артыўына өз тәсирин тийгизип келмекте.

    Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында «Мен әўметли исбилермен ҳаялман» атамасындағы форум болып өтти. Илаж Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы «Жаслар ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин раӯажландырыў бөлими» тәрепинен, тәжирийбели исбилермен Азамат Кайпанов пенен биргеликте шөлкемлестирилди. Форумға республикамызда жумыс алып барып атырған исбилермен ҳәм исбилерменликке қызығыўшы ҳаял-қызлар қатнасты. Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы Даврон Ваҳобов қатнасып, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Республикамызда ҳаял-қызлар ушын жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер тийкарында соңғы жыллары исбилермен ҳаял-қызлардың саны артып, жаңа жумыс орынларының жаратылып атырғанлығын атап өтти ҳәм форум қатнасыўшыларына әўмет тиледи. Буннан соң тәжирийбели исбилермен ҳаял, «Алпамыс стомадент» ЖШЖ ниң тийкарын салыўшысы Муҳаббат Жолшимова, Киши бизнеске көмеклесиў орайының қәнигеси Нурзада Атамуратова, «Мир сантехника» бренди тийкарын салыўшысы Равшанбек Аллабергенов ҳәм форум шөлкемлестириўшиси, тренер Азамат Қайпанов бизнес тараўында шет ел тәжирийбелерин Қарақалпақстан Республикасында енгизиў, исбилерменликте заманагөй системаларды әмелде қолланыў сыяқлы тәжирийбелери менен ортақласып, жол-жобалар берди.

    -Бул форумды өткериўимиздеги тийкарғы мақсетимиз республикамыздағы исбилермен ҳаял-қызларды бир жерге жәмлеп, олардың бир-бири менен пикир алысып, тәжирийбе алмасыўы сондай-ақ исбилерменликти баслайман деп жүрген ҳаял-қызларға ҳуқықый жол-жоба бериўден ибарат. Сондай-ақ, илажда тәжирийбели исбилерменлердиң мастер класслар өтиўи оларға үлкен жол- жоба болды деп ойлаймыз,-дейди Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының Жаслар ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин раӯажландырыӯ ислери бойынша орынбасары Назлы Мамбетова.

    Форумда республикамыздың барлық орынларынан исбилермен ҳаял-қызлар қатнасты. Олар тренерлерден көплеген сабақлар алыўы менен бирге өз гезегинде өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

    – «Супер келинлер ҳәм жигитлер хызмет көрсетиў» ЖШЖ ашып, алты жылдан берли жумыс алып барып атырман. Тийкарғы ўазыйпамыз үй жумысларын ислеў, қонақ күтиў, тағамлар писирип, үй тазалаў жумысларында буйыртпашы шаңарақларға жәрдем беремиз. Ҳәзирги ўақытта көплеген жигит-қызларды жумыс пенен тәмийинлеп, бәнтлигин тәмийинлеп қойған болсақ, алдағы ўақытта жумыс көлемин еле де кеңейтиўди алдымызға мақсет етип қойыппыз,-дейди исбилермен Наргиза Абдикаримова.

    Форумда қатнасыўшылар бизнести нәтийжели шөлкемлестириў, оны дурыс басқарыў, исбилерменлик тараўында жетискенликлерге ерисиў сырлары сыяқлы билим ҳәм көнликпелерге ийе болды. Форум жуўмағында белсене қатнасқан ҳаял-қызларға исбилермен А.Кайпанов тәрепинен таярланған ваучерлер тапсырылды.

    Илаж пикирлесиўлер ҳәм викторина ойынлары менен даўам етти.

    Г.Турдышова,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

    М.Ҳәбибуллаевтың түсирген сүўретлери.