«Исбилермен ҳаял” таңлаўы жаңа исбилермен ҳаял-қызларды жүзеге шығармақта

    ӨзЛиДеП Хожели районлық Кеңеси бүгин өз қатарында 2 000 нан аслам ҳаял-қызды бирлестирген. Өткен дәўир даўамында Кеңес тәрепинен ҳаял-қызлардың экономикалық, ҳуқықый билимлерин арттырыў, қайта кәсипке бағдарлаў, жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм шаңарақлық кәрханаларды шөлкемлестириў бағдарында бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылды.

    “Жаңа Өзбекстанның дөретиўши ҳаяллары” сүрени астында “Исбилермен ҳаял” таңлаўы бойынша райондағы “Қумбыз,” “Қырқыншы,” “Байтерек” ҳәм “Кулап” мәҳәллелеринде өткерилген таңлаўда да елимиздиң раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығы жолында белсене қатнасып атырған күш-ғайратлы, излениўшең, басламашы исбилермен ҳәм фермер ҳаял-қызлар қатнасты. Таңлаўда олардың арасынан ең мүнәсиплери партия тәрепинен шөлкемлестирилген арнаўлы жумысшы топар ҳәм төрешилер қурамы тәрепинен районлық басқышқа таңлап алынды.

    “Кулап” аўылындағы “Қатча мама” көп тармақлы фермер хожалығының басшысы Маткаримова Айша апа фермерлик тараўында дерлик 40 жыллық тәжирийбеге ийе, район аўыл хожалығына үлкен үлес қосқан, 60 гектар жерден жылына 2-3 мәрте өним алатуғын тәжирийбели фермер. “Шуҳрат” медалы ийеси фермер Айша апа хожалығында пахта, помидор-қыяр, малина, шийе ҳәм ҳәр қыйлы палыз өнимлери ҳәм нәллер жетистирилип, қоңсылас Қазақстанға экспорт етиледи, сондай-ақ, ишки базарға да тиккелей сатыўларды әмелге асырады. Ҳәзирги күнде турақлы 20 ҳәм 30 мәўсимлик жумысшы ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеп келмекте.

    – 60 гектар жерге пахта-ғәллени алмаслап егип, помидорды туқым ўақтынан жетистирип, жақсы дәрамат алып келмектемиз,- дейди фермер Айша Маткаримова. – 20 адамды турақлы жумыс пенен тәмийинлеўге еристим. 15 ҳаял-қыз ҳәм жасты хожалығыма жумысқа алғанымнан соң олар “Ҳаял-қызлар” ҳәм “Жаслар” дәптеринен шығарылды. Фермерлик пенен биргеликте шарўашылықты да жолға қойғанбыз. Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында 10 мың таўық бағыўға мөлшерленген қусшылық комплексин иске қоспақшыман.

    ӨзЛиДеП Хожели районлық Кеңеси “Ҳаял-қызлар қанаты” тәрепинен райондағы “Қумбыз аўыл” мәҳәллесиндеги белсенди ҳәм мийнеткеш ҳаял-қызлардан бири – Наргул Қудайбергенованың искерлиги жақыннан үйренилди. “Қырық қыз текстиль” ЖШЖ баслығы сыпатында Наргул апа миллий кийим-кеншек, көрпе төсек, миллий ҳәм заманагөй келинлик көйлеклери ҳәм той буйымларын тигиў ҳәм ислеп шығарыў менен шуғылланады. Бул өним түрлери тек ғана жергиликли базарда емес, ал аймақтағы қарыйдарлар арасында да үлкен талапқа ийе. Н.Қудайбергенова мийнет жолында “Устаз-шәкирт” дәстүрин турмысқа енгизген ҳалда, жасларды да мийнетке тартпақта. Ҳәзирги күнде 22 турақлы ҳәм 20 мәўсимлик жумысшы менен биргеликте жумыс алып бармақта ҳәм олардың көпшилиги шәкиртлери болып есапланады. Бул болса тек ғана жумыс орнын жаратыў емес, ал жасларға кәсип үйретиўде де әҳмийетли қәдем есапланады.

    Таңлап алыў басқышының және бир қатнасыўшысы Насиба Ешанова “Қырқиншы” мәҳәллесинде жеке тәртиптеги шаңарақлық исбилермен сыпатында жумыс алып бармақта. 2020-жылы шөлкемлестирилген киши шаңарақлық бизнес, стандарт хызметлер – шаш түрмеклеў, кесиў, бояў, пардозлаў сыяқлы хызметлерди усыныс етеди. Бүгинги күнде гөззаллық салонында 5 ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленген. Н.Ешанова оларға билим ҳәм көнликпелерди үйретип, “Устаз-шәкирт” дәстүрин енгизген.

    – Биз аўыл ҳаял-қызларының бәнтлигин тәмийинлеў ҳаққында көп айтамыз, бирақ оларды жумыссыз деў орынсыз, – дейди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң бөлим баслығы Жамила Егамбергенова.- Таңлаў қатнасыўшыларының көпшилиги аўылда жасайды, ерте таңнан кешке шекем турмыс тәшўишлери менен тыным таппайды. Мине, усы тәшўишлеринен артып, және бизнесин жолға қойған, шаңарағын тербетип, мәҳәллесиндеги қоӊсы ҳаяллардың бәнтлигин тәмийинлеўге үлес қосып атырған ҳаял-қызларымызға ҳәр қанша рахмет айтсақ та аз.

    Ҳақыйқатында да, жумыс орнын жаратып атырған, “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилген ҳаял-қызларды оқытып, бәнтлигин тәмийинлеўге үлес қосып атырған ҳәм сол арқалы турмыста өз орнын табыўына жәрдем берип атырған исбилермен ҳаял-қызлардың мийнети, умтылыслары итибарға ылайық.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.