Бирақ бул поликлиника мәҳәлледен 8-9 километр узақта жайласқаны себепли кекселер, майыплығы болған пуқаралар ҳәм жас балалы ҳаяллар ушын қолайсызлық туўдыратуғын еди. Яғный бул жағдай қыстың суўық, аязлы күнлеринде ямаса жаздың ыссысында транспорт табыў, поликлиникаға тезирек жетип барыў сыяқлы машқалаларды келтирип шығаратуғын еди.

Бүгин елимизде халықтың саламатлығын беккемлеў, медициналық хызметтиң сапасын арттырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан. Бул бағдарда мәмлекет пенен бир қатарда сақаўатлы исбилерменлердиң социаллық жуўапкершиликти сезинип, халық мәпи жолында ислеп атырған ийгиликли жумыслары тән алыўға ылайық. Усындай қолы ашық исбилерменлерден бири Әмиўдәрья районы Уйшин мәҳәллесинде заманагөй шаңарақлық шыпакерлик пунктин шөлкемлестириў басламасын билдирди.

Халықтың медициналық хызметтен мүмкиншилиги болғанынша тез ҳәм сапалы пайдаланыў бойынша талаплары есапқа алынып, бул баслама қоллап-қуўатланды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен усы мәҳәлледе жаңа медицина пунктин қурыў жойбары тастыйықланды. Нәтийже көп күттирмеди. Қысқа мүддетте барлық заманагөй талап ҳәм стандартларға жуўап беретуғын медицина мәкемеси қурылды.

Бул медицина орайы бүгин мәҳәлле халқының саламатлығын беккемлеў, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм бирлемши медициналық хызметлер көрсетиўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Тийкарғысы, бул имарат толық қайырқом исбилерменниң қәўендерлигинде қурылып, жеке меншик сектордың социаллық тараўдағы белсене қатнасын айқын көрсетти.

Ҳәзирги ўақытта шаңарақлық шыпакерлик пункти ултрасес тексериўи (УЗИ), электрокардиография (ЭКГ) аппаратлары, стоматология хызметлери ушын зәрүр үскенелер, заманагөй компьютер техникасы ҳәм басқа да алдынғы медициналық үскенелер менен толық тәмийинленген. Бул болса мәҳәлле халқына ҳәр қыйлы тексериўлер ҳәм емлеўлерди өз жасаў аймағында алыў имканиятын бермекте.

Шаңарақлық шыпакерлик пунктинде тәжирийбели шыпакерлер ҳәм қәнигелер жумыс алып бармақта. Атап айтқанда, улыўма әмелият шыпакери, педиатр, акушер-гинеколог, стоматолог ҳәм басқа да қәнигелер халыққа маман медициналық хызмет көрсетпекте. Мийирбийкелер ҳәм орта медицина хызметкерлери шаншыў, профилактикалық тексериў, аналар ҳәм балалардың саламатлығын қорғаўға қаратылған илажларды турақлы әмелге асырмақта.

Бундай медицина орайларының шөлкемлестирилип атырғаны медициналық инфраструктураны кеңейтиў менен бирге халықтың саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм кеселликлерди ерте анықлаўға хызмет етпекте. Ең тийкарғысы, бул ийгиликли ис халық пенен исбилермен, мәмлекет пенен жәмийет арасындағы бирге ислесиў нәтийжелилигиниң айқын көриниси сыпатында бой көрсетпекте.

"Саламатлық марафоны" Елликқалада даўам етпекте

Елимизде ҳәр жылы "Саламатлық марафоны" өткерилип келинбекте. Бул әҳмийетли илажды өткериўден тийкарғы мақсет халықтың саламатлығын беккемлеў, адамлар арасында кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм алдын алыў, сондай-ақ, саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат.

Бул марафон усы күнлерде Елликқала районында болып өтпекте. Райондағы 7 шаңарақлық поликлиника ҳәм 6 шаңарақлық шыпакерлик пунктинде халық профилактикалық медициналық тексериўден ҳәм ғалабалық скрининг тексериўлеринен өткерилмекте. Созылмалы кеселликлери болған наўқаслар мәмлекетимиздиң жетекши қәнигелериниң тексериўи ҳәм жоқары технологиялық операциялар ушын таңлап алынды.

- Көрсетпеге тийкарланып 11 түрдеги лабораториялық ҳәм 7 түрдеги инструменталлық тексериўлер өткериледи. Сондай-ақ, наўқасларды арнаўлы тар тараў қәнигелерине жибериў жумыслары системалы түрде орынланады, - дейди Қарақалпақстан денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Гүлзар Жумағулова.

Елликқала районы медицина бирлеспесиниң тәжирийбели шыпакерлерден ибарат топары районның ең алыс аймақларынан бири - Чуқурқоқ мәҳәллесинде де болып, марафон шеңберинде адамларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерди.

Халық терапевт, педиатр, кардиолог ҳәм басқа да қәнигелерден көриктен өткерилип, зәрүр лабораториялық тексериўлер әмелге асырылды. Сондай-ақ, созылмалы кеселликлерге шатылған пуқараларға мәсләҳәтлер берилип, емлениў бойынша усыныслар берилди. Әсиресе, кекселер, майыплығы болған шахслар ҳәм турақлы медициналық бақлаўға мүтәжлердиң жағдайына айрықша итибар қаратылды. Тексериў процесинде анықланған жағдайлар бойынша пуқаралар тийисли медицина мәкемелерине жиберилди. Бундай көшпели медициналық хызметлер алыс аймақларда жасаўшылар ушын қолайлық жаратып, олардың саламатлығын беккемлеўге хызмет етпекте.

Тезлик ҳәм ашық-айдынлық тәмийинленеди

Бүгин Нөкис районы халқына амбулаторлық хызмет көрсетиў ушын 1 көп тармақлы орайлық поликлиника, 2 шаңарақлық поликлиника, 4 шаңарақлық шыпакерлик пункти жумыс алып бармақта. Стационарлық жәрдем болса 142 орынлық орайлық емлеўхана арқалы әмелге асырылады. Халықтың тийкарғы бөлеги аўыллық жерлерде жасап атырғаны медициналық хызметти аймақларға жақынластырыўды талап етеди.

Орайлық емлеўхана заманагөй наркоз ҳәм рентген үскенеси, лабораториялық биохимиялық анализатор, микроскоплар менен тәмийинленген болып, барлық медициналық үскенелер иске қосылған. Сондай-ақ, медицина бирлеспеси тәрепинен бирлеспеге ултрасес тексериўи ҳәм лазер үскенелери де сатып алынған.

- Соңғы жыллары бирлеспемиздиң материаллық-техникалық базасы беккемленди. Қабыллаў бөлиминен баслап жасыл, сары, қызыл категорияларға ажыратылған. Бул процессте наўқастың медициналық жағдайы есапқа алынады ҳәм усы тийкарда хызмет көрсетиледи. Әсиресе, DMED электрон системасына өткенимиз хызмет сапасын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етпекте. Ҳүжжетлер электрон түрде жүргизилип, наўқаслар мағлыўматы бирден-бир базаға киргизилмекте. Бул тезлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлейди, - дейди Нөкис районы медицина бирлеспесиниң бас шыпакери Айбек Тәжимуратов.

Қарақалпақстанның социаллық-экономикалық раўажланыўын қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәр бир районға ўәлаятлар бириктирилген. Нөкис районына Самарқанд ўәлаяты бириктирилген болып, медицина тараўына 1 миллиард 100 миллион сум ажыратылды. Усы қаржы есабынан шаңарақлық поликлиникалар ушын 3 санитариялық автомашина сатып алынған. Сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралар арасынан қурамалы қәнигелестирилген операцияға мүтәж 19 наўқасқа Самарқанд ўәлаяты шыпакерлери хирургиялық әмелиятлар өткерди.

Елимизде денсаўлықты сақлаў тараўында өткерилип атырған реформалардың нәтийжеси аймақлардағы заманагөй медициналық хызмет сыпатында усылайынша сәўлеленбекте.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы.