Солардан 10 ына турақ жай сатып алыў ушын басланғыш төлемди төлеп берген.
Ең әҳмийетлиси, бундай сақаўатлы исбилермен ҳаял-қызлар барлық аймақларымызда көплеп табылады. Олар "Мен - дөретиўши ҳаялман" деген жойбарды алға қойып, мәҳәллелерде мыңлаған ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытып, дәраматлы етиў басламасын билдиргени, расы мени жүдә руўхландырды.
Мен өзине үлкен социаллық жуўапкершилик алған мине усындай исбилермен ҳаял-қызларды "Жаңа Өзбекстанның дөретиўши ҳаяллары" деп билемен ҳәм оларға терең миннетдаршылық билдиремен. Оларға қандай қосымша шараят ҳәм жеңилликлер керек болса, жаратып бериўге таярман", деп атап өтти.
Наўайылы исбилермен бийкарға бундай тән алынбаған. Ҳақыйқатында да, ҳәзирги ўақытта исбилерменлик тараўында нәтийжели жумыс алып барып атырған Шаҳноза Каримова халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм мүтәж шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша да ийгиликли жумысларды әмелге асырып келмекте.
Сапа, жақсы хызмет, қарым-қатнас мәденияты, тынымсыз мийнет ҳәм жаңалыққа умтылыў кәрхананың табысын тәмийинлейтуғыны сөзсиз. Усы принциплер тийкарында жумыс алып барып атырған "Барака Нон Навоий" ЖШЖды бүгин наўайылылар жақсы биледи. Ўәлаят орайынан районларға шекем, турақлы тутыныўшыдан тартып, талғамы нәзик тутыныўшыға шекем - ҳәммеге бирдей унайтуғын өнимлердиң саны, түри артып бармақта. Бундай нәтийже исбилерменге әўмет күлгенинен емес, тынымсыз мийнет, базар талабын үйрениў ҳәм умтылыўдың жемиси.
Исбилермен Шаҳноза Каримова да дәслеп жумысын баслағанда қыйыншылықларға дус келген ҳәм оларды мәртлик пенен жеңип өткен. Нанбайшылық пенен шуғылланатуғын өмирлик жолдасы жумысын кеңейтип, және де раўажландырды. Бүгинги күнде ири кәрханаға айланған бул жерде таярланатуғын нан ҳәм нан өнимлери Наўайы қаласы ҳәм оған қоңсы аймақларда "Барака нон" аты менен белгили.
- Дәслеп киши нанбайхананы ижараға алып жумыс баслағанбыз. Шаңарағымыз бенен ижара үйде жасайтуғын едик. Күни-түни мийнет етип, үйме-үй, базарларда нан сататуғын едик. Жүдә қыйналған дәўиримиз, бир қапшық ушын да ақша таппай қалған ўақтымыз болған. 2017-2018-жылларда исбилерменлерге жаратылған қолайлықлар ҳәм жеңиллетилген кредитлерден пайдаланып зәрүр үскенелер сатып алдық. Нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығаратуғын кәрхана шөлкемлестирдик. Басқышпа-басқыш өнимлердиң түрин көбейттик. Қарыйдарлар өнимлеримизди берекетли, деп тән алар еди. Соның ушын да кәрханамызды “Барака Нон Навоий” деп атама бергенбиз, - дейди исбилермен Шаҳноза Каримова.
Бүгинги күнде кәрханада 200 ге шамалас пуқара турақлы жумыс пенен бәнт. Олардың 70 проценти ҳаял-қызлар. Киши нанбайхананың кеңейиўи тек ғана жаңа жумыс орынларын жаратыў емес, ал 300 ден аслам түрдеги нан ҳәм нан өнимлерин таярлаў имканиятын берди. Халыққа жеткерип берилип атырған мазалы затлардың түри болса 200 ден аслам.
Кондитер ҳәм нан өнимлери миймандос халқымыз дастурханының көрки. Өз жақынларына таярлағандай қарыйдарларға жеткерип берилетуғын мазалы затлар, ярым таяр тағамлар өз қарыйдарларын узақ күтип турмайды. Бир заматта сатып алынады, ҳәтте шебер, шаққан аспазшылар оларды жеткерип бериўге үлгермей қалатуғын жағдайлар болады. Әҳмийетлиси, кәрханада өз жумысынан, турмысынан разы, миннетдар, кеўли ашық, шын кеўил адамлар мийнет етеди. Олардың шүкирлиги болса берекет гиреўи.
Мәмлекетимиз басшысының итибарына түскен исбилермен Шаҳноза Каримова, бәринен бурын, социаллық жәрдемге мүтәж, экономикалық қыйыншылықларға дус келген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўды өз алдына мақсет етти, олардың арзыў-нийетлерине қанат болды. Оның басламасы менен 50 жәрдемге мүтәж ҳаял-қыз оқытылды, 10 жәрдемге мүтәж ҳаял-қызға турақ жай сатып алыўы ушын басланғыш төлемди исбилермен өз мойнына алды.
Нәўбәҳәрли Норташ Шомуродованың турмысы түпкиликли өзгериўинде Шаҳноза Каримованың үлеси үлкен. Жаңа жол мәҳәллесинде жасаўшы ҳаял 2013-жылы бағыўшысынан айырылғаннан соң, материаллық қыйыншылыққа дус келди. Ески ҳәўли, қолайсыз шараят, еки перзентти тәрбиялаў жуўапкершилиги шаңарақ ийесиниң ертеңги күнге исенимин сөндирип жиберген еди. Басқалар сыяқлы барлық қолайлықларға ийе үйде жасаў мақсети әрман болып қалыўы мүмкин еди. Исбилермен Шаҳноза Каримова жәрдемге мүтәж шаңараққа жаңа үй қурып берди.
- Үйимиз жүдә жарамсыз аўҳалда еди. Дәраматымыз да, жасаў шараятымыз да жақсы емес еди. Бизлер де жақсы үйлерде жасаймыз ба, деп көп ойланатуғын едим. Сақый инсанлар бар екен. Ҳәзир барлық қолайлықлары бар заманагөй, ықшам үйге ийе болдық. Балаларым жүдә қуўанышлы. Алдын қайғыдан жылаған болсам, бүгин көзимде қуўаныш көз жаслары, - дейди Норташ Шомуродова.
Сония Адизова да алыс районнан қала орайына қатнап ислеўдей қыйыншылығы артта қалды. Көп жыллық мийнети ҳәм пидайылығы ушын исбилермен Шаҳноза Каримова тәрепинен оған Наўайы қаласынан жаңа, оңланған, барлық мебель үскенелери, турмыслық техника қураллары менен тәмийинленген квартира саўға етилди.
Бүгинги күнде ўәлаяттың басқа районларында да кәрхананың филиаллары ашылмақта. Ҳәзир биринши филиал Нәўбәҳәр районында жумыс баслады. Райондағы Пахтакор мәҳәллесинде бос турған имаратты ижараға алып, нан ҳәм нан өнимлери, мазалы затлар таярлаў цехларын шөлкемлестирген исбилермен мәҳәлледеги социаллық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды бәнт етти. Бүгинги күнде жумыслы болған жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар өзиниң турмысына да, исбилерменге де миннетдар.
- Мәҳәллемизде усы кәрхананың филиалы ашылғаны биз ушын жүдә қолайлы болды. Жумыссызлығым ҳәм перзентлеримди оқытып атырғанымыз себепли бираз қыйналып атырған едик. Усы жерге жумысқа киргеннен соң қыйыншылықларымыз артта қалды. Себеби, айлық мийнет ҳақысы жақсы ҳәм мийнет етиў ушын барлық шараятлар жаратылған. Мениң менен бирге ислеп атырған ҳаял-қызлар да жақын күнлерге шекем мүтәж еди. Ҳәзир ҳәммеси усы жерден турақлы дәраматқа ийе болып, абадан турмыс кеширип атыр, - дейди Маҳбуба Дониёрова.
Әлбетте, аймақларда жаңа жойбарлар жумыс баслаўы ҳәм кәрханалардың ашылыўы сол жердиң жергиликли халқы ушын жумыс орынларын жаратыўы менен әҳмийетли. Әҳмийетлиси, ҳадал дәрамат адамлардың санасы, қәлби ҳәм көзқарасының өзгериўине түртки болмақта. Сонлықтан, кәрхана жумысшы-хызметкерлери өз турмысындағы унамлы өзгерислерден қуўанышлы.
Мийнети есесине ҳүрмет, итибар тапқан исбилерменниң басқалардың тәғдирине де бийпәрўа болмайтуғыны мақтаўға ылайық. Турмысы жақсы тәрепке өзгерген ҳаяллардың дуўалары, исбилерменлер ушын жаратылып атырған имканиятлар гөзленген нәтийже ҳәм күтилмеген нәтийжелер салмағын арттырады.
Исбилермен Шаҳноза Каримова 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни алдынан "Шуҳрат" медалы менен сыйлықланды. Мәмлекетимиз басшысының қолынан жоқары сыйлықты қабыл етип алғаны исбилерменди тек ғана руўхландырып қоймастан, ал исбилермен ҳаялға және де көбирек жуўапкершилик жүкледи.
- Инсан қыйыншылықлардан қорықпаўы керек. Ҳәр бир басланған киши ҳәрекет те мийнет пенен үлкен табысларға жетеклейди. Бул ҳақыйқатқа өз өмиримде исеним пайда еттим. Президентимиз "қаҳарман қызым" дегенинде, өзимде және де күшли исенимди сездим. Ҳаял-қызлар сондай қәдирленетуғын Ўатанда жасап атырғанымнан оғада мақтанышлы едим. Өз алдыма жаңа мақсетлер қойдым ҳәм келешекте және 500 жаңа жумыс орнын жаратпақшыман, - дейди Шаҳноза Каримова.
Әлбетте, бахыт әпиўайылық, кишипейиллик ҳәм сақыйлықта. Инсан өмириниң толықлығы қаржы муғдары менен емес, оған миннетдар адамлардың шүкирлиги менен белгиленеди. Бүгинги күнде “Барака Нон Навоий” кәрханасының саўда дүканлары жанынан ҳеш бир инсан иркилмей өтип кете алмайды. Бул жерде қарыйдарларды күлимсиреп күтип алатуғын, ең жақсы, сапалы өнимлерди усынатуғын хызметкерлер ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр, тәрбиясы, жумысы менен басқаларға үлги болатуғын ҳадал исбилермен бар екенин биледи.
Ғолиб АБДУСАЛОМОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы