Халықты сапалы өнимлер менен тәмийинлеў, жоқары қосымша қунлы өним ислеп шығарыўды көбейтиў, заманагөй хызметлер көрсетиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў мәселелеринде тийкарғы рол атқарып атырған исбилерменлик раўажланса, әлбетте, басқа да тараўлар да гүллеп-жаснайды. Киши, жергиликли исбилерменлик болса мәмлекеттиң базар ҳәм хожалық жүргизиўши системаларының турмыслық тийкары болып хызмет етип, базар қатнасықларының тийкарғы шәртлеринен - талап ҳәм усыныстағы мәплер тең салмақлылығын есапқа алатуғын өндиристи жолға қойыў сыяқлы бирлемши социаллық-экономикалық функцияны өз ишине алады.
Балалығымда сапалы, мазалы өнимлерден пайдаланыў имканияты дерлик болмаған. Үлкен байрамларда қанттан тысқары, конфет дегенди жүдә аз жейтуғын едик. Негедур есимде балалықтағы усындай жағдайлар қалып кеткен. Бәлким сол себепли болса керек, исбилерменликке кирисип атырғанымда мазалы затлар тараўын таңлаўға қарар еттим. Ҳәмме дәслеп қандай қыйыншылықларға ушырағаны ҳаққында сөз етеди, ал менде болса ҳәммеси аңсат, режедеги сыяқлы өтти. Себеби, исбилерменликке байланыслы барлық қолайлықлар, еркинликлер жаратылған ўақытта кәрхана ашып, жумыс алып барыўды басладым. Артықша машқалаларға дус келмедим, ҳәммеси нызамлы, мәмлекеттиң қоллап-қуўатлаўы менен әмелге асырылды. Техникалық жақтан жумыстың усы дәрежеде әпиўайыласқаны жигеримизге және де күш қосып жиберди. Усы тәрептен өзимди, кемтарлық болса да, ең қолайлы ўақыттағы әўметли исбилермен деп билемен.
Бүгинги күнде "Ўктамжон Миразиз ширинликлари" ЖШЖ кәрханасында оннан аслам мазалы өнимлер таярланып, жергиликли базарларға шығарылмақта. Кәрханамыздың жыллық өндирис қуўатлылығы 13,9 миллион долларды қурайды. Яғный, күшли ҳәрекет етсек, усы жағдайда сонша дәраматқа шыға алады. Буннан тысқары, жақында Түркияға барып заманагөй техникаларды алып келиўди режелестирип атырмыз. Тәбийий, және жумысшылар аламыз. Экспорт көлемин көбейтиў ушын ҳәрекет етемиз. Ҳәзирги күнде экспорт көлеми 20 процентти қурайды. Кәрханада 25 жумысшы жумыс алып барады.
Президентимиз, соның ишинде, биз де мине усы санаат шынжыры жалғаныўын қәлеймиз. Исленген жумыслардан гөре, орынланыўы зәрүр болған мақсетлер, жумыслар, режелер көп. Мақсетлер ҳаққында болса олар әмелге асқанынан кейин айтыў дурыс болады, деп ойлайман.
Ўктамжон САДУЛЛАЕВ,
"Ўктамжон Миразиз ширинликлари" ЖШЖ кәрханасының баслығы