Исбилерменлик субъектлерине ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселелери талқыланды

    6 ақпан 2025 253

    Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районында Шымбай ҳәм Кегейли районларындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалары ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде ушырасыў өткерилди.

    Илажға Шымбай ҳәм Кегейли районлары ҳәкимлери, жуўапкер болған министрлик ҳәм мәкеме басшылары қатнасты.

    Онда 2025-жылда инвестиция, локализацияластырыў бағдарламаларына киргизилген жойбарларды иске түсириў, экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў, исбилерменлерге ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселелери талқыланды.

    Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғанын атап өтиў орынлы. Тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышқа көтермекте.

    Өткерилген илажда исбилерменлердиң жумысында ушырасып атырған машқалалар бойынша жақыннан пикирлести. Ҳәр қандай инвестициялық, өндирислик ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша жойбарлар Президентимиз тәрепинен бәрқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша тилге алынды.

    Усы мазмундағы ушырасыў Қараөзек районында Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларындағы исбилерменлер менен де болып өтти.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates