Жумыс бериўшилерге тосқынлық етип атырған жуўапкершилик илажлары бийкар етиледи

    9 тамыз 2025 1138

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мийнет қатнасықлары ҳәм кәсипке таярлаў системасын жетилистириў және жумыс бериўшилерди хошаметлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Пәрманы (ПП-126-санлы, 04.08.2025-ж.) қабыл етилди.

    Пәрманға бола, төмендегилер мийнет қатнасықлары ҳәм кәсипке оқытыў системасын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм мақсетлери етип белгиленди, соның ишинде:

    • хызметкер ҳәм жумыс бериўши арасындағы мийнет қатнасықларының нәтийжели, әдил ҳәм өз-ара пайдалы системасын жаратыў;
    • жумыс бериўшилердиң мүтәжлигине муўапық оларды маман кадрлар менен тәмийинлеў системасын енгизиў.

    2025-жыл 1-сентябрьден жумыс бериўшилер ушын белгиленген төмендеги талаплар бийкар етиледи:

    • бос жумыс орынларына бәнтлик уйымлары тәрепинен жиберилетуғын шахсларды жумысқа қабыл етпегенлиги ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик;
    • бос жумыс орынлары бар екенлиги ҳаққындағы есабатларды мәжбүрий усыныў.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates