Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарарына муўапық, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында “Өзбекстанның батыс бөлегинде ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў” жойбарының әмелге асырылыўы белгиленген.
Жойбар баҳасы жәми 8,2 млн. АҚШ долларлық қаржы ажыратылған бул объектте, бүгинги күнде “Archico” ЖШЖ (Әзербайжан) компаниясы тәрепинен районды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўди жақсылаўға қаратылған қурылыс жумыслары алып барылмақта.
Жойбар шеңберинде 5 суў бөлистириў қурылмасы, 128,1 километрлик суў тармағын қурыў ҳәм реконструкциялаў нәзерде тутылған. Ҳәзирги ўақытта 25,2 километрлик суў тармақлары тартылып, қурылыс жумыслары даўам етпекте.
Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Мойнақ районының ишимлик суўы менен тәмийинленгенлик дәрежеси 72,7 процентти қурайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.