Бүгинги күнде республикамызда жасаўшы жǝми 2 млн. 29 мың. адамның 1 млн. 505 мыңы, яғный 74,2 проценти орайластырылған ишимлик суўы менен тǝмийинленген. Қалған 25,8 проценти, яғный 524 мың адам альтернатив ишимлик суў дереклеринен пайдаланады.
Республикамызда 311 суў қурылмалары бар. Жǝмийет тәрепинен халыққа тийкарғы 3 суў тазалаў қурылмасы арқалы ишимлик суўы жеткерип бериледи.
Соның ишинде “Түйемойын” суў тазалаў қурылмасының қуўатлылығы суткасына 140 мың, “Тақыятас” суў тазалаў қурылмасының қуўатлылығы суткасына 60 мың метр куб. Оның қуўатлылығын суткасына 120 мың м3.қа жеткериў бойынша жойбарлаў жумыслары ǝмелге асырылмақта.
Нөкис қаласының тийкарғы ишимлик суў дәреги болған “Нөкис” суў тазалаў қурылмасында бүгинги күнде республикалық бюджет қаржылары есабынан қуўатлығын суткасына 65 мыңнан 90 мың м3.қа жеткериў бойынша қурылыс жумыслары ǝмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, республикамыз бойлап ақаба суў шығарыў хызмети (канализация) менен тǝмийинленгенлик дǝрежеси 5,4 процентти қурайды. Нөкис қаласы, Беруний, Қанлыкөл, Мойнақ, Тақыятас ҳǝм Шымбай районларында 80 ақаба суў қурылмалары ҳǝм 223,2 километрлик канализация тармақлары бар.
Бүгинги күнде жǝмийет 259 мың 635 абонентке хызмет көрсетип келмекте.
Пресс-конференцияда қатнасыўшылар халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў, оның сапасын арттырыў бағдарындағы жумыслар бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.